Siyosat Конституция-ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгиси

Конституция-ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгиси

0
Конституция-ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгиси

8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн. Усы жылы Конституция қабыл етилгенлигине 28 жыл толды. Конституция менен мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўының демократиялық принциплери белгилеп қойылған. Республикада жүз берип атырған демократиялық өзгерислер даўамында Конституцияға да өзгерислер киритилип келинбекте. 
Конституция ҳуқықый мәмлекеттиң тийкарғы белгиси есапланады. Онда жәмийеттиң социаллық-сиясый қәсийетлери, раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары, мәмлекет ишки ҳәм сыртқы сиясатының тийкарғы жөнелислери өз сәўлелениўин тапқан. Ғәрезсиз Өзбекстан Конституциясы дүнья жәмийетиниң инсан ҳуқықлары тараўындағы жетискенликлерди толық сәўлелендиреди. Конституция инсан ҳуқықлары тараўындағы барлық тийкарғы қағыйдаларды: инсанның жасаў, еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықы, мүлик ийеси болыў ҳуқықы ҳәм сол киби басқа ҳуқыкларды өз ишине алады. 
Бул бас нызамымыз халқымыз мәпи жолында хызмет қылады. Тийкарғы нызамымыз ҳәтте инсаниятты қоршап алған ана тәбият, жер асты ҳәм жер үсти тәбийий байлықларына шекем нызам қорғаўында, себеби олда инсан ушын хызмет етеди.
Конституция бизге тек ғана ҳуқық ҳәм еркинликлерди берип қалмастан, бир қатар жуўапкершилик ҳәм мәжбүриятларды да жүклейди. Бул ҳаққында Конституциямызда өз алдына бир бап ажыратылған. 
Өзбекстан Республикасы Конституциясының ҳәр бир статьясын өз алдына додалаў, күнделик өмирдеги мәселелер бойынша жуўмақлар шығарыў мүмкин. Тийкарғы мақсет болса, Конституция – тийкарғы Нызам сыпатында жәмийеттиң ҳәр тәреплеме камал табыўында бағдарлама екенин аңлап жетиўдир. Пуқаралар Конституциямызда тек ғана еркинликлерге, бәлким бир қатар мәжбүриятларға да ийе екенлигин сезинип жасаўы зәрүр. Асиресе, жас әўлад тәрбиясында, ҳукықый-демократиялық мәмлекет қурып атырған бир пайытта Конституцияны тереңирек үйрениў ҳәм күнделик өмиримизде ақылға урғас пайдаланыў барлығымыз ушын ҳәм парыз ҳәм қарыз болып есапланады.


М.Алламбергенов
Тахтакөпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси