Siyosat ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

0
ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Сондай-ақ бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Тахтакөпир районлық мәденият орайында район жаслары менен ушырасыў өткерди. 

Бизиң келешегимиз болған жаслардың усыныслары, мүрәжатлары тыңланды.
Районда көпшилик жаслар исбилерменлик пенен шуғылланыўға ерисип, турмыстың ҳәр қыйлы тараўында өзлерин сынап көрип атырғаны менен халқымыздың, ел басшыларының исенимине ерисип атыр. Бүгинги мүрәжаттағы пал ҳәррешилиги бойынша жумыс көлемин кеңейтип, және 50 жасты жумысқа тартыў ушын субсидия алыўда жәрдем сораўы, миллий нағысларда гилем тоқыў тилегин  билдирген қыздың тоқыў әсбап-үскенеси, және еки жас жигиттиң әйнек-қапы ислеп шығарыў бойынша кредит алыўда мүрәжат етиўлери тағы басқа усыныслар бәршеге мақул түскен болса керек. Ең әҳмийетлиси мүрәжат, усыныслар орынланатуғын болды.
Тахтакөпир районында халықтың саны  40151 ди қурайды,  соннан  18-30 жас аралығындағы жаслар саны 9220 ға жетти .

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети