Fan va ta'lim ФРАНЦИЯДАН КЕЛГЕН ХОШХАБАР

ФРАНЦИЯДАН КЕЛГЕН ХОШХАБАР

0
ФРАНЦИЯДАН КЕЛГЕН ХОШХАБАР

Устаздан шәкирт озды дегенниң мәниси де усында шығар?! Устаз өзинде бар билим, көнликпелерди шәкиртине барынша жеткериўге асығады. Изленеди, табады, нәтийжеде шәкиртти бийиклерге жетелеп алып шығады... Дильфузаның шәкирти Тумарис те бүгин устазының жүзин жарыққа шығарып атыр. Аўыл қызының қаладағы музыка мектебине қатнап алған билими зая кетпеди.

Тахтакөпир районындағы 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Тумарис Рейимбекова Франция мәмлекетинде онлайн тәризинде өткерилген "LE FESTIVAL INTERNATIONAL PERFECT" халықаралық таңлаўында қарақалпақ халық миллий сазларынан дуўтар жөнелиси бойынша сыйлы 1-орынды жеңип алды. 
3-декабрь күни Тумарис ҳәм оның устазы Дильфуза Қытайбекованың атына почта байланысы арқалы Франция мәмлекетинен диплом ҳәм медалы жетип келди. 
Тумарис Реймбекова буннан алдын Санкт-петербургта өткерилген SHOW TALANT таңлаўында да 1-орын жеңимпазы болыўға ерискен еди.

Музыка ҳәм көркем өнер мектебине  жеңис қутлы мубәрек болсын!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети