Siyosat Балаларға бериң дүньяны!

Балаларға бериң дүньяны!

0
Балаларға бериң дүньяны!

Олар бизиң келешегимиз. Қолынан ис келмесе де инсан билими арқалы дүньяны бағындырыўы мүмкин. Сонлықтан да балаларды китапқа оқыўға қызықтырыў арқалы билимнен илим жолына бағдарлаған дурыс. Балалар ушын китаптан үлкен саўға жоқ. 

3-декабрь Халық аралық майыпларды қорғаў күни мүнәсибети менен Тахтакөпир районлық ХББ не қараслы "Бәркамал әўлад" балалар мектеби үй шараятында оқытылып атырған дөгерек ағзаларының жағдайларынан хабар алды. Олардың гүрриңин тыңлап, кеўил-кейпиятын көтериў мақсетинде байрам саўғалары болған балалар китапларын, оқыў қуралларын инәм етти. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети