Siyosat Саўап ислердиң басында

Саўап ислердиң басында

0
Саўап ислердиң басында

Бирлескен миллетлер шөлкеми арқалы 3-декабрь Халықаралық майыпларды қорғаў күни деп белгиленген. Өмирге қулшынып жасайтуғын, майыплығына қарамастан мийнет сүйгиш инсанлардың өзи қаншама дейсиз. Оларды әлбетте қоллап-қуўатлаў- адамгершиликли ўазыйпамыз есапланады.

Район ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов усындай шаңарақларда болып, аналардың жағдайынан хабар алды. Олардың мүрәжатларын тыңлап, азық-аўқат өнимлерин саўға етти.
Сондай-ақ, Өзбекстан мусылманлары кеңсеси жанындағы "Вақф" қайырхомлық жәмәәтлик фондының Қарақалпақстан Республикалық бөлими Тахтакөпир районында "Ғамхор болайық" акциясы шеңберинде кем тәмийинленген, майып, жетим-жесири болған, бағыўшысын жоғалтқан 25 шаңараққа азық-аўқат өнимлерин тарқатты. Зәкат қәрежетлери есабынан ҳәр бир шаңараққа 10 кг ун, 5 кг шекер, 5  кг гүриш, 3 литр май муғдарындағы азық-аўқатлар саўға етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети