Siyosat Жарамсыз азық-аўқатлық өнимлерден сақланайық... (Ямаса базарымыз дәрўазасыз емес)

Жарамсыз азық-аўқатлық өнимлерден сақланайық... (Ямаса базарымыз дәрўазасыз емес)

0
Жарамсыз азық-аўқатлық өнимлерден сақланайық...  (Ямаса базарымыз дәрўазасыз емес)

 

Базар көптиң жыйналған жери. Онда алыўшы да, соған жараса сатыўшы да көп болады.
Өткен 29-ноябрь екшемби  күни ҳәптелик базарымыздың батыс тәрепинен кире беристе және ишки тәрепинде еки жерде гөш консервасының арзан баҳада сатылыўы бизде гүман туўдырды. Еки түрдеги қутыда таярланған гөш консерваларының жарамлылық мүддети көрсетилмеген. Районлық "Дийқан базары" тәрепинен ескертиўлерге қарамастан, олар бир жерге топланып саўда ислеўин, жарамлылық ўақыты көрсетилмесе де айырым пуқараларымыз қутысы 5000 сумнан туратуғын гөш консерваларын алыўды даўам етти. Районлық ишки ислер бөлимине хабар берилип, олар тәрепинен сорастырыў ислери алып барылды хәм мәмлекетлик салық инспекциясы районлық бөлимине саўда бойынша ҳүжжетлерин анықлаў тапсырылды. Районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы қәнигелери тәрепинен лабораториялық тексериў жүргизилгенде гөш консервасының талапқа жуўап бермейтуғыны анықланды. Тилекке қарсы, жарамсыз азық-аўқатты район базарына алып кирген еки пуқараның бири түсиник бериў даўамында қашып кеткен болса, екинши пуқара түсиник хатында турақлы жасаў орнын жалған берип кеткени анықланды.

Ҳүрметли пуқаралар!

Денсаўлығымыз өзимиздиң қолымызда. Базарлардан, дүканлардан сатып алып атырған азық-аўқатлық өнимлердиң тазалығына, пайдаланыў ўақыт аралығына әҳмийет берейик. Еки пуқара тәрепинен сатылған гөш консерваларын, сондай-ақ жарамлылық мүддети өтип кеткен азық-аўқатлардан пайдаланбаўыңызды сораймыз. Бундай наҳақлыққа қол урып жүрген еки пуқараның иси хуқық қорғау уйымлары тәрепинен өз жазасын алады деп үмит етемиз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети