Siyosat Мақсет: пуқаралардың қәўипсизлиги

Мақсет: пуқаралардың қәўипсизлиги

0
Мақсет: пуқаралардың қәўипсизлиги

Усы жылдың 25-ноябрь – 25-декабрь аралығы  аймақларда айрықша жағдайлардың алдын алыў айлығы етип белгиленген. Усы мақсетте бөлим қәнигелери район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында тараў басшылары менен мәжилис өткерди. Онда район аймағында жүз бериўи  мүмкин болған айрықша жағдайлар, сондай-ақ, ийис гази ҳәм ҳаўа газ араласпасының жарылыўы және ботулизм кеселлиги менен байланыслы айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған ўазыйпалар атап өтилди.

 Сондай-ақ, айрықша жағдайлар бөлими тийисли кәрхана, мәкеме,шөлкемлер менен биргеликте тийисли хызметлерди қамтыған ҳалда пуқараларға газ баллонлардан, газ ҳәм электр үскенелериниң қәўипсизлик қағыйдалары талаплары тийкарында дурыс пайдаланыў, бундай үскенелерден пайдаланып атырғанда қараўсыз қалдырмаў, ысытыў қазанлары морыларының сазлығын турақлы түрде қадағалап барыў, насаз, қолдан жасалған ҳәм өзбасымшалық пенен орнатылған газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланбаў, өрт қәўипсизлиги қағыйдалары талапларына турақлы түрде әмел етиў бойынша түсиндириў жумысларын алып барып атыр.
Барлық пуқараларымызды өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң түрде әмел етиўге шақырамыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети