Siyosat Бир жыллық бағдарлама исленеди

Бир жыллық бағдарлама исленеди

0
Бир жыллық бағдарлама исленеди

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жылы 8-октябрь күни жәмийетте ҳаяллар ҳәм жаслардың ролин асырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў ис-илажлары бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында мәмлекетимиздиң барлық қала ҳәм районларында  «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаяллар дәптери»ниң қәлиплестирилиўи белгилеп берилген еди. Усы тапсырмалардың орынланыўы ҳәм нәтийжеси бойынша Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы  баслығы, сенат ағзасы А.Данияров, район ҳәкими Ж. Адилов, районлық Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы Х.Маматов ҳәм мәкеме, шөлкем баслықлары қатнасты. Ушырасыў даўамында жасларға тийисли бир жыллық бағдарлама ислеп шығыў мәселеси көрилди ҳәм тараў хызметкерлерине тапсырмалар менен пикир усыныслар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети