Siyosat Брифинг өткерилди

Брифинг өткерилди

0
Брифинг өткерилди

«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ де тутыныўшыларды үзликсиз ҳәм сыпатлы электр энергиясы менен тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған брифинг болып өтти. Онда «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ, «Тахиаташ ыссылық электр станциясы» АЖ ҳәм «Өзбекстан  миллий электр тармақлары» АЖ Қарақалпақстан филиалы басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлери қатнасып, олар өзлериниң кәрханаларында энергия тәмийнатын жақсылаў  бойынша алып барылып атырған ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўматлар берди. Видеоконференция форматында өткерилген илажда Қарақалпақстанның барлық районлары менен байланыс орнатылды. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, соның ишинде Тахтакөпир районының журналистлери де қатнасып,  өзлерин қызықтырып жүрген сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўаплар алды. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети