Siyosat Пуқаралық паспортлары тапсырылды

Пуқаралық паспортлары тапсырылды

0
Пуқаралық паспортлары тапсырылды

Пуқаралық паспорты - инсан өмириндеги ең әҳмийетли бирден-бир  ҳүжжет болып табылады. Елимизде көп жыллардан берли турақлы жасап, Өзбекстан Республикасы пуқаралығын алалмай жүрген пуқаралығы болмаған неше мыңлаған шахслар бар еди. 

Усы жылы 13-март күни "Өзбекстан Республикасы пуқаралығы ҳаққында"ғы "ӨРН-610"- санлы Нызам тастыйықланды. 58 статьядан ибарат Нызам талаплары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында 300 ден аслам пуқаралығы болмаған шахслардың, соның ишинде Тахтакөпир районында 11 адамның пуқаралығы тән алынды. Районда жасаўшы 11 пуқараға Өзбекстан Республикасы пуқаралық биометриялық паспорты ҳәм 4 пуқараға сырт елге шығыў биометриялық паспортлары таярланды. Район ҳәкими Ж.Адилов пуқаралық паспортына ийе болған пуқараларды қабыл  етип, оларға жаңа паспортларын тапсырды ҳәм қызғын қутлықлады. Бул ҳүжжетти алыў арзыўында жүрген пуқараларымыз өз қуўанышларын жасырмады ҳәм Президентимизге миннетдар екенин билдирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети