Siyosat Үй алды қыйтақ жеринде семинар кеңес

Үй алды қыйтақ жеринде семинар кеңес

0
Үй алды қыйтақ жеринде семинар кеңес

Үй алды қыйтақ жерлери- шаңарақлардың дәрамат дереги есапланады. Онда өндирилген өнимлер жаз ҳәм гүз айларында таза үзилген ҳалдағы витаминге бай, пайдалы тағам болса, қыс және бәҳәр азығы сыпатында шаңарақ дәраматының үнемлениўине үлес қосады. Мәмлекетимиз тәрепинен үй алды қыйтақ жеринен мақсетке муўапық пайдаланыў бойынша көрсетпелер берилиўиниң тийкарында усы мақсетлер жатады.

Тахтакөпир районында үй алды қыйтақ жерлерден еле де ақылға уғрас түрде пайда алыўды ен жайдырыўға бағышланған көргизбели семинар кеңес "Өзбекстан" аўылында жасаўшы  Өмирбек Темирбековтың бағында өткерилди.
Семинарға тийисли тараў басшылары, пуқаралар жыйыны баслықлары, аўыл пуқаралары, тағы басқалар қатнасты. "Үй алды қыйтақ жер хызмети" жәмийетин шөлкемлестириў, сол арқалы орынларда "Азық- аўқатлық өнимлер" дүканын ашыў усыныс етилди. Қәнигелердиң мәсләҳәт кеңеслери тыңланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети