2020-ЖЫЛ 1-ЯНВАРДАН БАСЛАП 28 ТҮРДЕГИ МАҒЛЫЎМАТНАМАЛАР БИЙКАРЛАНДЫ
1369
0
Бул мәмлекетлик органларда қағазбазлыққа қарсы гүресиўге жәрдем береди ҳәм әмелдеги бюрократиялық система орнына заманагөй санлы технологиялардың енгизилиўине жәрдем береди (ƟзбекстанРеспубликасыПрезидентиниң 9.12.2019-жылдағы ПҚ-4546-санлы қарары).
Буннан алдын, 2018-жыл 15-октябрден баслап пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларының үш түрдеги мағлыўматнамаларынан ўаз кешилген еди. 2020-жыл 1-январдан баслап 28 түрдеги мағлыўматнамалар толық бийкар етилди. Яғный мәмлекетлик органлар пуқаралардан оларды улыўма талап етпейди, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары–оларды бериўди тоқтатты.
Атап айтқанда:
- Жасаўорнынанмағлыўматнама;
- Арза бериўши жасаў орны бойынша жасап атырғанлығы (дизимнен өткерилгенлиги) хаққында мағлыўмат;
- Турақлы ҳәм ўақытшалық дизимнен өтип жасаўшылар саны ҳаққында мағлыўмат;
- Турақлы жасаў орнында жасап атырған мүддети көрсетилген мағлыўматнама;
- Жасаўшы шахслар санын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Турақ жайда жасаўшы шахслар көрсетилген ҳалда мағлыўматнама;
- Арза бериўши жасаў орны бойынша бир өзи жасаўы (дизимнен өткерилгенлиги) ҳаққында мағлыўматнама;
- Пуқараның жалғыз жасап атырғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Шаңарақ ағзаларының пенсионер менен ол қайтыс болған күнге шекем бирге жасап турғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- 80 жасқа толған, өзгениң қарамағына мүтәж болған үлкен жастағы ғарры адамды баққан ўақытын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Қарамағында мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзалары барлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Қайтыс болған бағыўшының қарамағындағы шаңарақ ағзалары қурамы ҳаққындағы мағлыўматнама;
- Қайтыс болған хызметкер менен туўысқанлық дәрежесин тасыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Жеке жәрдемши хожалықларда ислеўши пуқаралардың бәнтлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Шахс ҳақыйқаттан майыплығы болған шахсты бағып атырғанлығы ҳаққында мағлыўматнама;
- Жумыссызлық ҳаққында мағлыўматнама;
- Қайтыс болған бағыўшының ата-аналары, өмирлик жолдасы, атасы, апасы, аға-иниси яки апа-сиңлисинен биреўи қайтыс болған бағыўшының балалары, аға-иниси, апа-сиңлилери яки ақлықлары, ислеўшилерге балаға қараў ушын ис-ҳақы берилмеген ҳалда дем алыста болыў ҳуқықын беретуғын жасқа толғанға шекем бағыў менен бәнт болғанлығы ҳәм ислемегенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Қайтыс болған шахстың ата-аналары, өмирлик жолдасы яки шаңарақтың басқа ағзасы қайтыс болған шахстың 3 жасқа толмаған балалары, аға-инислери, апа-сиңлилери яки ақлықларын бағыў менен бәнт болғанлығы ҳәм жумыс ислемегенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Қәнигениң қарамағында болған шаңарақ ағзасы қайтыс болғанда жәрдем пулын ажыратыў ҳаққында мағлыўматнама;
- Туўылғанлық ҳаққында тәкирарий гүўалықты алыў ушын ер жетпеген шахстың яки паспорт алмаған шахстың фотосүўрети жабыстырылған мағлыўматнама;
- Әменгерликке алынғанларды тәмийинлеў ҳәм оларды керекли дәрежеде бағып қараў бойынша туўысқанларының қәдирлигин тастыйықлаўшым ағлыўматнама;
- Әменгер яки қәўендер болыў нийетин билдирген жумыс ислемейтуғын шахслар ушын мағлыўматнама;
- Жеке меншикжәрдемши хожалығында қарамал барлығы яки аўыл хожалығы өнимлериниң басқа түрлерин жетистириў менен бәнтлиги ҳаққында мағлыўматнама;
- Ɵзи таярланған товарлар саўдасы менен шуғылланыўы ушын шәраятлары барлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
- Кеселликке шалынған(сил, тери кеселликлериниң аўыр көриниси, қантлы диабеттиң жаралары, псориаз) хаяллардың басқа ханада жасаўы кереклиги ҳаққында мағлыўматнама;
- Кем тәмийинленген шаңарақта жалғыз өзи 2 ҳәм оннан артық жас өспирим балаларды тәрбиялап атырған ҳаяллар ҳаққындағы мағлыўматнама;
- Жазаны өтеў орынларынан азатлыққа шыққан, ҳәм азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған жазаға ҳүким етилген шахслардың өмир баяны менен мағлыўматнама.
- Жерлеў ɵткерилгенлиги ҳалатын тастыйықлаў ушын мағлыўматна.
Т.Жусипов
Тахтакɵпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси