Siyosat Бийдай тәрбиясына арналған семинар

Бийдай тәрбиясына арналған семинар

0
Бийдай тәрбиясына арналған семинар

Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Искендер тахта» фермер хожалығында келеси жылдың зүрәәти ушын егилген гүзлик бийдай тәрбиясына  бағышланған семинар кеңес болып өтти. Семинар кеңес жумысына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығыниң орынбасары  С.Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри А.Якупов, район ҳәкими Ж.Адилов, ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары,  районлық  аўыл ҳәм суў хожалығы тараўы қәнигелери, фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси, , ирригация ҳәм мелиорация бөлими, отряд баслықлары,  пахта-ғәллешилик фермер хожалықлары баслықлары ҳәм басқалар қатнасты. Семинар-кеңесте агротехникалық илажларды өз ўақтында өткериў, гүзги шүдигар, жап-салмаларды тазалаў  ҳ т.б жуўапкепшиликли ўазыйпалар ойласып алынды.

Районда 2021-жылдың зүрәәти ушын 122 фермер хожалықлары тәрепинен 3450 гектар майданға гүзлик бийдай егилген.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети