Siyosat Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепиллиги жәнеде күшейттириледи

Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепиллиги жәнеде күшейттириледи

0
Суд-тергеў искерлигинде шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепиллиги жәнеде күшейттириледи

2020-жыл 10-август күни суд-тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў ҳәм кепилликлерин буннан балый да күшейтиў илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманда инсан ҳуқықларының бузылыўы, әсиресе ҳуқык қорғаў органлыры хызметкерлери тәрепинен пуқараларға қаратылған нызамсыз ҳәрекетлер ислениўиниң алдын алыўға қаратылған ҳуқықый механизимлер нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, халық-ара стандартлар тийкарында тергеў сыпатын асырыў шаралары белгиленбекте.

Атап айтканда, усланған шахстың ҳуқықларының бузылыўының алдын алыў мақсетинде, оператив-излеў жумысын әмелге асырыўшы уйымлар хызметкерлери тәрепинен гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшыдан арза, түсиник хат ямаса көрсетпелер алыўды усы жынаят иси жүргизиўинде болған сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судьяның жазба рухсатына тийкарланып ҳәм тек қорғаўшы қатнасыўында әмелге асырыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ак айыбын мойнына алыў бойынша келисим институтын  киргизилмекте. Бунда, айырым тайпадағы жынаятлар бойынша шахс айыбын мойнына алыў ҳаққында арза берген, қылмысмына шын кеўилден пушайман болған, жынаяттың ашылыўына белсене жәрдем берген ҳәм сондай-ақ келтирилген зыянды сапластырған жағдайларда сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымлары менен жазба келисим дүзилиўи, оған суд тәрепинен ол айыпланған статьяда нәзерде тутылған ең көп жазаның ярымынан көп болмаған муғдары ямаса мүддетине шекем жаза тайынлаў нәзерде тутылмақта. Жынаят исин судқа шекем жүргизиў басқышында гүўа ҳәм жәбирлениўши аўыр кеселлиги ямаса узақ мүддетке сырт мәмлекетке шығып кетиў зәрүрлиги себепли кешлеў сораў алыў имканияты болмаған жағдайда, олардың көрсетпелерин гүманланыўшы, айыпкер, жәбирлениўши, гүўа, прокурор ямаса адвокаттың өтинишине бола суд тәрепинен тәреплердиң қатнасыўында алдыннан беккемлеп қойыў (депонирование) тәртибин енгизиў;

 -жүдә аўыр жынаят ислегенликте гүманланып ямаса айыпланып атырған шахсларға байланыслы жынаят ислери бойынша, сондай-ақ, шахсты қамаққа алыў ямаса үй қамағы түриндеги бас шарасын қолланыў мәселелеринде қорғаўшының қатнасыўы шәрт екенлигин белгиленбекте.

Егер суд тергеўи ўақтында судланыўшының оған алдын айып қойылмаған жынаятты ислегенлигин көрсететуғын жағдайлар анықланса, судланыўшыны жаңа айып бойынша жынайый жуўапкершиликке тартыў;

егер суд тергеўи ўақтында жуўапкершиликке тартылмаған шахс тәрепинен жынаят жүз берилгенлигин көрсететуғын жағдайлар анықланса, бул шахсты исте айыпкер тәризинде қатнасыўға тартыў ҳаққындағы өтинишин судқа киргизиў ҳуқықын ис бойынша барлық тәреплерге  берилмекте.

Шахсқа жәрияланған айып, жынаят иси судтың қайсы инстанциясында көрилип атырғанлығына қарамастан, жарасыў институтына жеңилирек статьяға қайта квалификацияланған жағдайларда жарасыў институтын қолланыў имканияты жаратылмақта.

Судланыўшының жынаят жүз берилиўине қатнасы болмағанлығы тийкары менен ақлаў ҳүкими шығарылған жағдайларда, жынаятты ҳақыйқатта ислеген шахсты анықлаў ҳәм айыпкер тәризинде иске тартыў ушын жынаят исин прокурорға жибериў тәртибин орнатылмақта.

Жуўмақластырып айтқанда нызам ҳәм халық аралық ҳүжжетлерде орын алған, айыпланыўшының тийкарғы ҳуқықларының бири - бул көрсетпе бериўден бас тартыў ҳәм көрсетпелерден жынаят исине байланыслы дәлийллер сыпатында онын өзине қарсы пайдаланыўы мүмкинлиги ҳаққында хабардар болыў ҳуқықы болып есапланады. Сонлықтан Пәрман менен усы ҳуқықты толық әмелиятта жүзеге  шығарыў имканияты жаратылады.

Б.Даулетов

Нөкис районы жынаят ислери

бойынша судының кеңсе меңгериўшиси