Ma'daniyat "Атакөл"де байрам кейпияты

"Атакөл"де байрам кейпияты

0
"Атакөл"де байрам кейпияты

"Жаңа Өзбекстан - жаңаша дүньяқарас" идеясы республикамыз бойлап ен жаймақта. Елимизге белгили мәденият, әдебият, көркем өнер тараўы хызметкерлери аўыл пуқаралар жыйынларында халық пенен ушырасып, өзлериниң қызықлы сәўбетлери менен йошлы қосықларын, аяқ ойынларын усынбақта. Оларға аўыл ҳәўескерлери де қосылып жанлы концерт бағдарламасы пайда болмақта.  Айлар бойлап пандемия себепли кеўиллери жабырқап қалған халқымыз, әсиресе нураный жасы үлкенлер байрам кейпиятында кеўиллери көтерилип қалғанын жасырған жоқ. "Атакөл" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы усындай йошлы ушырасыўдан соң аўыл жасларының веломарафон жарысы өткерилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети