Ma'daniyat Илажлар даўам етпекте

Илажлар даўам етпекте

0
Илажлар даўам етпекте

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған  реформалардың мазмун-мәниси менен әҳмийетин кең жәмәәтшиликке мәҳәллелер бойлап жеткериў, халқымыздың кеўил кейпиятын көтериў мақсетинде "Жаңа Өзбекстан - жаңаша дүньяқарас" идеясы менен мәдений, әдебий ушырасыўлар районымыз бойлап даўам етпекте. Ташкент, Нөкис  қалаларынан келген арнаўлы топар ағзалары кеше "Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны пуқаралары менен ушырасты. Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Әбдиев, "Дослық" орденли шайыр Жуманияз Өтениязовлар халқымызды өзлериниң жақында баспадан шыққан дөретпелери менен таныстырды.Буннан кейин Президентимиздиң алып барып атырған сиясатынан қысқаша видео ролик тамашалаўдан соң йошлы қосықлар тыңланды. Аўыл жасларының спорт пенен шуғылланыўын тамашалады. Бундай кеўилли илажлар еле мәҳәллелер бойлап даўам етип атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети