Ma'daniyat Кеўилли ушырасыўлар даўам етеди

Кеўилли ушырасыўлар даўам етеди

0
Кеўилли ушырасыўлар даўам етеди

Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған  Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде халық мәпине  қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Жасларды мәденият, санаат, спортқа кеңнен тартыў, ахборот технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин пайда етиў,  китап оқыўды нәсиятлаў, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған 5 әҳмийетли басламасы турмыста нәтийжели ен жаймақта. 

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған усы реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин кең жәмәәтшиликке мәҳәллелер бойлап жеткериў, халқымыздың кеўил кейпиятын көтериў мақсетинде "Жаңа Өзбекстан - жаңаша көзқарас" идеясы менен мәдений, әдебий ушырасыўлар елимиз бойлап даўам етпекте. Ташкент, Нөкис қалаларынан арнаўлы топар ағзалары бүгин Тахтакөпир районына да жетип келди. Оларды районлық мәденият орайында халқымыз  жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Мийманлар тәрепинен шығып сөйлеўлер, Президентимиздиң алып барып атырған сиясатынан қысқаша видео ролик тамашалаўдан соң спортшы жаслардың салтанатлы шығыўы, йошлы қосықлар, көпшиликтиң аяқ қосыўында ойын-заўықлар менен қызықлы өтти. Бундай кеўилли илажлар еле мәҳәллелер бойлап даўам етеди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети