Fan va ta'lim Бәркамал әўладтың - қолы гүл

Бәркамал әўладтың - қолы гүл

0
Бәркамал әўладтың - қолы гүл

Өсип киятырған жас әўладты руўхый жақтан бәркамал етип тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, көркем өнер, спорт, ахборот технологияларына қызықтырыў - ўақыт талабы. Дөгерек жумысларын халық арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде Тахтакөпир районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы "Бәркамал әўлад" балалар мектеби "Ашық есиклер күни" илажын шөлкемлестирди. Илажға мектептен 20 дөгерек өз көргизбелери менен қатнасты және көризбеге келген қызығыўшы оқыўшы жасларға ҳәм ата-аналарға мектепте шөлкемлестирилген дөгереклер ҳаққында мағлыўматлар берилди. Усы жердиң өзинде 32 оқыўшыны дөгереклерге тартыўға миясар болды.
"Ашық есиклер күни" илажлары 10-ноябрьге дейин даўам етеди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети