Ma'daniyat Китапсүйерлер таңлаўы жеңимпазларды анықлады

Китапсүйерлер таңлаўы жеңимпазларды анықлады

0
Китапсүйерлер таңлаўы жеңимпазларды анықлады

Районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими менен биргеликте “Мен оқыған китап” атамасындағы таңлаўдың районлық басқышы өткерилди.

14-20 жас аралығындағы мектеп оқыўшылары арасында 11-мектеп оқыўшысы Айнура Турдымуратова 1-орынды, 13-санлы мектеп оқыўшысы Дильфуза  Жиенбаева  2-орынды, 6-санлы мектеп оқыўшысы Саида Султанбаева  3-орынды;  20-30 жаслылар арасында  3-санлы мектеп оқытыўшысы Қуўатбай Исмамутов 1-орынды 17-санлы мектеп оқытыўшысы Мейрамбек Абдиқалиев 2-орынды, 9-санлы мектептен Рысгүл Есбергенова 3-орынды жеңип алды. Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.
Жеңимпаз болған оқыўшы жасларымыз 11-14-ноябрь күнлери болып өтетуғын республикалық басқышқа жоллама алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети