Fan va ta'lim Айырым бақшалар жумысын дәстүрий баслады

Айырым бақшалар жумысын дәстүрий баслады

0
Айырым бақшалар жумысын дәстүрий баслады

Тахтакөпир районындағы мектепке шекемги билимлендириў бөлимине қараслы 15 мәмлекетлик ҳәм 13 мәмлекетлик емес балалар бақшасы халыққа хызмет көрсетеди. Алты айдан аслам ўақыт балаларға онлайн тәрбия берип келген бөлимде дәслеп мәмлекетлик емес 13 бақша дәстүрий иске түскен болса, бүгин мәмлекетлик 6 бақша өз жумысын дәстүрий түрде баслады.

Солардан 6-санлы мектепке шекем билимлендириў шөлкеминде 8 топарда 200 бала есапқа алынған. Бақшада карантин талапларына әмел еткен ҳалда бүгин 4 топарда 60 тәрбияланыўшы қабыл етилди. Шөлкемде балаларды азанғы қабыллаў, оқытыў илажлары, тәрбияшылар және тәрбияланыўшылардың жеке гегиеналық буйымлары өз алдына арнаўлы қутышалар менен тәмийинленген.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети