Siyosat Тынышлық сақшыларының кәсиплик байрамы

Тынышлық сақшыларының кәсиплик байрамы

0
Тынышлық сақшыларының кәсиплик байрамы

Кеше дем алыс күни елимизде ишки ислер уйымы хызметкерлери өзлериниң кәсиплик байрамын белгилеп өтти. Усы сәнеге бағышлап район ҳәкими Ж.Адилов районлық ишки ислер бөлими хызметкерлерин байрам менен қызғын қутлықлады. Елимизде жәмийетлик қәўипсизликти сақлаў, тынышлық  ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдеги пидәкерлиги ушын "Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни" байрамы мүнәсибети менен бир топар уйым хызметкерлери район ҳәкимлиги тәрепинен "Ҳүрмет жарлығы" ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.