Siyosat ШАРЎАДАҒЫ БЕТ БУРЫС

ШАРЎАДАҒЫ БЕТ БУРЫС

0
ШАРЎАДАҒЫ БЕТ БУРЫС

Мал баққанға питеди, дейди ата-бабалар. Тахтакөпир районы әзелден шарўалар мәканы болған. Кешеги аўқам ыдыраған дәўирге шекем неше атақлы шарўа адамларын билемиз. Шарўашылық кәсибинен абырой арттырып, ел ҳүрметине бөленген  Қаршыға Кенжебаев, Алдаберген Бахбергенов десе халық Тахтакөпирди, шарўашылық десе халық Тахтакөпирди түсинетуғын еди. Бизге балалықтан яд болып қалған жазыўшылардың «Қызыл қум қойнында», «Бөршитаўдың баўрайында» деп аталған дөретпелери де әйне усы шарўашылыққа бағышлап жазылды. Бирақ, өткен ўақыт, елимиздиң өз алдына отаў тигиўи, мәмлекетлик бирлеспелердиң жеке меншикке өтиўи менен шарўашылық тараўы бизден алыслап кеткени сыр емес. Бурынғы қоралар қаңырап қалды ҳәм бузып тасланды. Тарийхты бурмалап яки артқа қайтарып болмайды. Халықтың өз ийелигиндеги  кәрханаларды ашыў, исбилерменликке бет бурыў, заманагөйлесиў ўақыты жетти. Шет ел инвесторларын енгизиў-ўақыт талабы болды. Қалаберди, Президентимиздиң басламасы менен Тахтакөпир районы да шарўашылық районына айланды. Районға  бириншилерден болып «Агрокомплекс Қарақалпақстан» Өзбекстан-АҚШ қоспа кәрханасы өзиниң ири жойбары менен кирип келди.

Кәрхана дәслеп Қазақстан Республикасынан 160 бас нәсилли қара малларды шәртнама тийкарында алды. Еркек маллардан ибарат бул нәсилли маллар тек гөш өнимин бериў мүмкиншилиги бар екенин кәрхана жәмәәти түсинип, быйылғы жылы Германия мәмлекетинен 150 бас қашар мал алыў бойынша шәртнама дүзилди. Ҳәзир кәрханаға 61 бас дәслепки маллар алып келинди.

-Германиялы кәсиплеслеримиз мынадай болып турған пандемия дәўиринде бизиң ол жаққа барыўымыз шәрт емеслигин айтты. Биз де кәсиплеслеримизге исеним билдирдик. Келген маллар буўаз, дәслепки туўым сентябрь айында басланды. Ҳәр бир малдың туўатуғын ўақты, ҳәттеки саатына дейин жазып қойылған. Бул саўын малларымыз ушын сүт өнимлерин қайта ислеўши аппаратуралар излеп атырмыз,-дейди кәрхана баслығы Адилбай Мырзаназаров

Демек, районда келешекте сүттен қатық, қаймақ, айран қусаған ағарған өнимлери шығыўы керек. Себеби, шарўашылыққа тийкарланып 11 жойбар бойынша жәми баҳасы 40 млрд. 736 млн. сумлық (соннан кредити 32 млрд. 646 млн сум)  қаржылар ажыратылды.

"Досым шеге" фермер хожалығы банктен 10 млрд, "Сейит шарўа" фермер хожалығы "Халық банк" тәрепинен 4 млрд 800 млн сум және, "Дәнияр шарўа" фермер хожалығы усы банктен 1 млрд 800 млн сум шарўашылықтың қурылыс ҳәм техникалары ушын кредитлер алды. Бүгинги күнде бул хожалықларда қурылыс жумыслары алып барылып атыр.

"Тахтакөпир жайлаўлары" кооперативине 1 млрд 600 млн сум, "Ҳүрлиман шарўа"  фермер хожалығына 1 млрд сум муғдарында  қара мал сатып алыў ушын, "Айдос қала" фермер хожалығына "Агробанк"тен 223 млн сум, "Тахтакөпир нәсил шарўа" фермер хожалығына "Халық банк" тәрепинен  223 млн сум шарўа қойлары ушын мақсетли кредитлер ажыратылды. Буннан басқа

«Амирхан насл чорва», "Амиробод Мансурбек чорва", "Нурсултан насл чорваси" фермер хожалықларына да коммерциялық  банклерден 1 млрд 500 мың муғдарында кредитлер берилди. "Алмаз шарўа" фермер хожалығына дәслепки қара маллар алып келинип, бағылып атыр. Келешекте районымыздағы бул хожалықларда жумыссызларды жумыс пенен тәмийинлеў, халыққа арзан баҳада сүт, гөш өнимлерин сатыў жолға қойылады деп үмит етемиз.

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА