Siyosat ҚУТЛЫҚЛАЎ

ҚУТЛЫҚЛАЎ

0
ҚУТЛЫҚЛАЎ

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бәршеңизди республикамызда кең түрде нышанланып атырған Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде халқымыздың тыныш, пәраўан турмысынан разы болып жасаўы ушын кең көлемли реформалар алып барылмақта.

Быйылғы сынаўлы пандемия жағдайында сизлердиң белсендилигиңиз ҳәм басламаларыңыз, күш-ғайратыңыз ҳәм сабырлылығыңыз арқасында үлкен табысларға қол жеткизилди.

Әлбетте, бул жетискенликлер ғәрезсизлигимиздиң жемиси, мәмлекетимизде ҳүким сүрип турған тынышлығымыздың, миллетлер аралық татыўлығымыздың, халқымыздың аўызбиршилигиниң, сабырының арқасында екенлигин терең аңлап ҳәм қәдирине жетиўимиз керек.

Сизлер менен бирге ҳүрметли Журтбасшымыздың алып барып атырған әдил сиясатын қоллап-қуўатлаўға, мийтиндей аўызбиршилигимиздиң арқасында жаңа Өзбекстанымыздың нурлы келешегин белгилеў ушын айдын жолда алдымызға қойған мақсетлеримизге ҳәр биримиз жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда ерисетуғынымызға беккем исеним билдиремен.

Байрамыңыз бенен қутлықлай отырып, Сизлердиң ҳәр бириңиздиң шаңарақларыңызға аманлық, аўызбиршилик, саў-саламатлық, халқымыздың ийгилиги жолында алып барып атырған жумысларыңызда табыслар тилеймен.

Бахтыбай Алдамуратов

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис депутаты