Siyosat РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСТИҢ  ОН БИРИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСТИҢ  ОН БИРИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

0
РАЙОНЛЫҚ  КЕҢЕСТИҢ   ОН БИРИНШИ СЕССИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ

Халық депутатлары Тахтакөпир районлық  Кеңесиниң нәўбеттеги он биринши  сессиясы өткерилди.

photo_2020-08-28_22-11-58

 

 

 

 

 

 

Сессияның күн тәртибиндеги биринши мәселе “Районда халықтың жәрдемге мүтәж  қатламын қоллап-қуўатлаў (“темир дәптер”), исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын асырыў ҳәм шет елде мийнет етип келген  жумыссыз  пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша әмелге асырылып атырған ислер ҳаққында” болып, бул мәселеде  район ҳәкиминиң финанс-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша биринши орынбасары Д.Жаңабаевтың мәлимлемеси  тыңланды.

Мәлимлемеде қойылған мәселе бойынша районда әмелге асырылып атырған ислер,   режелер ҳаққында атап өтилди.

Сессия күн тәртибиниң екинши мәселеси "Тахтакөпир районы ҳәкимшилик суды тәрепинен 2020-жылдың өткен 7 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша алып барылған жумыслар ҳаққында" болды.

 “Районда улыўма орта билим бериў шөлкемлериниң жаңа  2020-2021- оқыў жылына таярлық көриў, карантин дәўиринде  оқыўшылардың  билим процессин белгилеў бойынша ата-аналар арасында өткерилген сораўнамалардың жуўмақлары бойынша” үшинши мәселеде қаралды. Бул бойынша районлық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Б.Жаримбетов мәлимлеме берди. Мәлимлеме даўамында  ата-аналар арасында өткерилген сораўнамалар нәтийжелери есапқа алынатуғыны, жаңа  оқыў жылына мектеплердиң таяр екенлиги атап өтилди.

Күн тәртибиндеги төртинши мәселе  “Тахтакөпир районында  2021-2023-жылларға мөлшерленген  ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация системасын комплексли раўажландырыў бағдарламасына усынылған жойбарларды  үйренип шығыў ҳаққында"  болып, “Тахтакөпир суў тәмийнаты” Тахтакөпир районлық  бөлими баслығы Б.Бердимуратовтың есабаты тыңланды.

Ҳәр бир мәселе бойынша додалаўға  шыққанлар қойылған мәселениң әҳмийетлилиги ҳаққында пикир билдирип, өз усынысларын билдирди.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Р.Джумамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязовлар қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессия жуўмағында күн тәртибинде көрип шығылған барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети