Siyosat АДАМ САЎДАСЫ - ДӘЎИР МАШҚАЛАСЫ

АДАМ САЎДАСЫ - ДӘЎИР МАШҚАЛАСЫ

0
АДАМ САЎДАСЫ - ДӘЎИР МАШҚАЛАСЫ

Адам саўдасының пүткил инсаниятқа қәўип туўдырып атыр­ған глобаль машқала екенин бүгин көпшилик жақсы биледи. Оның түрлери, формалары ҳәм адамларды дузаққа түсириўде қолланылатуғын усыллары ҳаққында қайта-қайта мағлыўмат берилип киятырғанына қарамастан, бул шөлкемлескен трансмиллий жынаят көлеми күннен-күнге кеңейип, оның қурдымына тартылып атырғанлардың саны көбейип бармақта.

Адам саўдасы ақыбетинде инсанлар товарға айланады. Яғный, олар сатып алыныўы яки сатып жиберилиўи, ҳәтте саўға етилиўи де мүмкин. Бул шөлкемлескен трансмиллий жынаят мәжбүрий мийнет, жынысый хызметлерге мәжбүрлеў, инсан ағзаларын трансплантат етиў, нәрестелерди сатыў, адамларды тиленшиликке мәжбүрлеў, мәжбүрий неке ҳәм репродуктив ўазыйпалар эксплуатациясы (жасалма аналық, мәжбүрий бала туўыў), жалланба әскерлик сыяқлы көринислерде пайда болады.

Көпшилик жағдайларда ҳаяллар ҳәм балалар, халықтың социаллық кем тәмийинленген қатламы ўәкиллери адам саўдасының қурбанына айланып атыр. Айырым мәмлекетлердиң экономикалық раўажланыўында үлкен айыр­машылық барлығы, адамларды мийнетке мәжбүрлеў ҳәм арзан жумысшы күшинен пайдаланыў арқалы шығынларды кемейтиў ҳәм дәраматты көбейтиўге умтылыў болған бул жынаяттың ҳәўиж алыўына себеп болмақта.

Адам саўдасы жынаяты әллеқашан глобаль «санаат»қа айланып үлгерген. Бул «бизнес» арқалы алынатуғын миллиардлап нызамсыз дәрамат салмағы да жылдан-жылға артып бармақта. Оның ең көп бөлеги Азия еллери ҳәм Азияға тутас экономикасы раўажланған мәмлекетлердиң үлесине туўра келмекте. Адам саўдасы жәбиркешлери инсанның ҳәр қандай ҳуқық ҳәм қәдир-қымбатынан айырылып, олардан шама менен 70 проценти мәжбүрий мийнет, 20 проценти болса жынысый қулшылық қурбанына айланбақта.

Жоқарыда атап өтилгениндей, адам саўдасы-трансмиллий характердеги жынаят болып табылады. Жәбирлениўшилер тийкарынан өз елинен бас­қа мәмлекетлерге транзит етиў ҳәм шегаралардан өткериў арқалы пулланады. Бул жынайый ҳәрекет бир мәмлекет аймағында басланып, басқа мәмлекет аймағында жуўмақланыўы яки бир неше мәмлекет ямаса аймақта жүз бериўи мүмкин. Сонлықтан, адам саўдасына қарсы тек бир мәмлекет яки регион мәмлекетлери гүрес алып барғаны менен мақсетке ерисип болмайды. Бул иллетке шек қойыўда кең көлемде бирге ислесиў талап етиледи. Сол себепли де кейинги жылларда бул мәселе БМШ хызметиниң жетекши бағдарларынан бирине айланды.

2010-жыл 30-июльде БМШ тәрепинен Глобаль ҳәрекет бағдарламасының қабыл етилиўи адам саўдасына қарсы гүрести халықаралық көлемде жаңа басқышқа алып шықты. Бул ҳәрекет бағдарламасында усы жынаяттың алдын алыў, жәбиркешлерди қорғаў, жынаятшылардың изине түсиў ҳәм барлық бағдарларда бирге ислесиўди беккемлеў бойынша ис-илажлар көзде тутылған.

Буннан тысқары, 2000-жылы БМШ «Адам саўдасының, әсиресе, ҳаяллар ҳәм балалар саўдасының алдын алыў, оған шек қойыў ҳәм оның ушын жазалаў ҳаққында»ғы протоколды (оны «Палермо протоколы» деп те атайды) қабыл етти. Бүгинги күнде 166 мәмлекет усы халықаралық ҳуқықый ҳүжжетте белгиленген миннетлемелерди орынлап келмекте. Палермо протоколы дүньяның түрли мәмлекетлеринде адам саўдасына қарсы гүрес бағдарында бирден-бир жантасыўдың ислеп шығылыўына жәрдемлесиў, бул жынайый ҳәрекетке қарсы халықаралық көлемде гүресиў, тергеў ҳәм судлаўға көмеклесиўге қаратылған. Протокол, сондай-ақ, адам саўдасы жәбиркешлерин қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаўға бағдарланған. Бул халықаралық ҳуқықый ҳүжжет БМШтың Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша глобаль ҳәрекет бағдарламасына сүйенеди.

Соны айрықша атап өтиў керек, өткен жыллар даўамында республикамызда адам саўдасының ақыбетлерин терең аңлай отырып, оған қарсы гүресиў, ўатанласларымызды бул жынаяттың қурбанына айланып қалыўдан сақлаў, оннан жәбир көргенлерге ҳуқықый, социаллық, медициналық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Рети келгенде, мәмлекетимизде бул тараўда үлкен тәжирийбе топланғанын атап өтиў керек.

Жуўмақластырып айтқанда, елимизде адам саўдасына қарсы гүресиў мәселесине мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында итибар қаратылып атырғаны бул бағдардағы табыслардың тийкарғы факторы болмақта. Бирақ, қәтержамлыққа берилмеўимиз тийис. Неге дегенде, сергеклик зәрүрлигин сезине отырып, ҳәр тәреплеме гүрес алып барсақ ғана елимизде бул иллеттиң тамырын қырыққан боламыз.

 Р.Курбанов

Тахтакөпир районы әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшиси