Siyosat ДЕПУТАТ ПЕНЕН УШЫРАСЫЎ

ДЕПУТАТ ПЕНЕН УШЫРАСЫЎ

0
ДЕПУТАТ ПЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы Б.Алдамуратов өз сайлаўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда тийкарынан Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар, жаңа парламент, сенатор ҳәм депутатлар алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм жаңадан қабыл етилген бир қатар нызамлар туўралы түсиник берилди.

Сондай-ақ, парламентте көрип шығылып атырған «Билимлендириў ҳаққында»ғы, «Баҳалы металлар ҳәм Баҳалы таслар ҳаққында»ғы, «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы, «Инновациялық жумыс ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызам жойбарлары туўралы мағлыўматлар берилип, усы нызамлар бойынша қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланды.

Дәслеп ол  район ҳәкимлигинде өз сайлаўшылары менен ушырасып, елимизде жүз берип атырған өзгерислер, жаңаланыўлар, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң әҳмийети, той-мереке ҳәм басқа да мәресимлерди ықшамластырыў, тәртипке салыў, нызамға қайшы түрде қурылған турақ жайларды ҳүжжетлестириў бойынша пуқаралар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

Соң райондағы “Agro kompleks Karakalpakstan” ЖШЖ, “Orazbay-ata-med-klinika” ЖШЖ, «Жуўсан» медициналық мекемесиниң жумыслары менен танысты.

Орынларда өткерилген ушырасыўлар даўамында пуқаралар тәрепинен билдирилген машқалалар ҳәм пикир-усыныслар үйренип шығылыўы ҳәм орынланыўының қадағалаўға алыныўы келисип алынды.

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА