Siyosat ПЕНСИЯFА ҲҮЖЖЕТ ТАПСЫРЫЎ ЖЕҢИЛЛЕСТИРИЛДИ

ПЕНСИЯFА ҲҮЖЖЕТ ТАПСЫРЫЎ ЖЕҢИЛЛЕСТИРИЛДИ

0
ПЕНСИЯFА ҲҮЖЖЕТ ТАПСЫРЫЎ  ЖЕҢИЛЛЕСТИРИЛДИ

Мәмлекетимизде әмелге  асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм халықты тәшўишке салып атырған машқалаларды анықлаўдың пүткиллей жаңаша системасы енгизилиўи-қысқа ўақыт ишинде пуқаралардың мәмлекетлик институтларға исеними артыўына себеп болып, мәмлекетлик хызметкерлер тәрепинен өзине жүклетилген жумыс тараўына мүнәсибети ҳәм жуўапкершилигин түптен өзгертиў имканиятын бермекте.

Усы илажлардың даўамы сыпатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-декабрьдеги «Бюрократиялық тосықларды буннан былай да қысқартыў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына заманагөй басқарыў тәртиплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық, 2020-жыл  1-январьдан баслап мәмлекетлик  уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен 28 түрдеги ҳүжжетлер талап етиў қадаған етилди.

Атап айтқанда, Пенсия қоры районлық(қала) бөлимлери тәрепинен 6  түрдеги ҳүжжетлер талап етилмейди:

Турақ жайда жасаўшы шахслар көрсетилген  мағлыўматнама;

Шаңарақ ағзаларының пенсионер менен ол қайтыс болған күнге шекем биргеликте жасап турғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;

Қарамағында мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзалары бар екенин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;

Қайтыс болған бағыўшының қарамағындағы шаңарақ ағзалары қурамы ҳаққындағы мағлыўматнама;

Жеке жәрдемши хожалығында қарамал бар екенлиги ямаса аўыл хожалық өнимлерин  жетистириў менен бәнтлиги ҳаққындағы мағлыўматнама;

Жерлеў мерекеси өткергенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама.

Пуқараларға жаратылып атырған бундай қолайлықлар олардың артықша әўере-сарсаңлығының алдын алып, мәмлекетлик уйымларға болған исенимин беккемлейди.

 

Парахат САПАРОВ

Бюджеттен тысқары Пенсия қоры районлық бөлими баслығы