Siyosat МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ

МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ

0
МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ

Район ҳәкимиятының мәжилислер залында ҳуқық қорғаў уйымларының муўапықластырыўшы Кеңес мәжилиси болып өтти. Мәжилиске райондағы ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери, мекеме, шөлкем баслықлары қатнасты.

Мәжилисти район прокуроры, әдиллик кеңесшиси П.Халмуратов алып барды.

Район аймағында 2019-жылдың 12 айы даўамында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиў, нызамшылықты беккемлеў барысында әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы, жынаятлардың себеплерин үйренип, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған илажларды белгилеў ҳәм келешектеги ўазыйпалары ҳаққында район прокуроры П.Халмуратов баянат жасады.

Район прокуратурасы тәрепинен өткен жыл даўамында ҳуқық қорғаў  уйымлары хызметкерлери менен биргеликте район аймағында жынаятшылықтың алдын алыў, кемейтиў, нызамшылықты беккемлеўде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳәрекеттеги нызам талапларының орынланыўы  бойынша жобалы жумыслар алып барылған.

Атап айтқанда, экономикалық ҳәм социаллық нызамшылықлар орынланыўы үстинен бақлаў бойынша 21 тексериў ҳәм мониторинглер өткерилип, тексериў жуўмағы менен анықланған нызам бузылыў жағдайларын  сапластырыў ушын 10 усыныс киргизилген, 34 пуқараға ҳәкимшилик жуўапкершилиги ҳаққында, 15 пуқараға интизамий жуўапкершилик бойынша ис қозғатылған, лаўазымлы инсанлардың нызамға қайшы 27 қарар ҳәм буйрықларына протест келтирилген, 21 пуқараның бузылған ҳуқықлары тикленип, 32 миллион 313 мың сумлық жеткерилген зыяны өндирилген.

Районлық ишки ислер бөлимине келип түскен 10 мүрәжат, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў инспекциясына келип түскен 14 мүрәжат, мәмлекетлик санитария ҳәм эпидемиология бақлаў орайына келип түскен 15 мүрәжат, жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлимине келип түскен 143 мүрәжаттың мүддетлери бузылып, тийисли жуўмақ берилгенлиги анықланып, нызам бузыўшылықларға жол қойған пуқараларға тийисли шаралар көрилди.

Районда 2019-жылда жәми 872 хожалық жүргизиўши субъектлер жумыс алып барған болса, соннан 775и  исбилерменлик субъектлери есапланады, булардан 256 жеке исбилермен, 519 юридикалық шахс сыпатында есаптан өткен исбилерменлер, соннан 220 сы фермер хожалықлары. Ҳәзирги ўақытта жәми 97 исбилерменлик субъектлери ўақытша тоқтатылған, соннан өәжеке исбилерменлер, 46 юридикалық шахслар ҳәм 17 юридикалық     шахслар банкрот деп табылған.

Район прокуратурасы тәрепинен исбилерменлик   субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша 2 тексериўлер өткерилип, анықланған нызамбузыўшылық бойынша 3 пуқараның қарсысына интизамий жуўапкершилик ҳаққында ис қозғатылды. Соның менен бирге, район прокуратурасының әмелий жәрдеми менен 23 исбилерменлик субъектлери  қайта тикленди, 9 исбилерменлик субъектлери жаңадан ашылды, 3 исбилерменлик субъектлерине 648 миллион сум кредит қаржыларын алыўға жәрдем берилди, 1 исбилерменлик субъектине электр энергиясы жалғаныўға  әмелий жәрдем берилип, 28 исбилерменлик субъектлериниң бузылған ҳуқықлары қайта тикленди.

Районда 2019-жыл даўамында аўыл хожалығы тараўында нызамшылық орынланыўы үстинен бақлаў бойынша 8 тексериўлер өткерилип, анықланған нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў ушын 7 усыныс киргизилип, 1 пуқараның қарсысына ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында, 6 шахстың қарсысына интизамий жуўапкершилик ҳаққында иси қозғатылды, лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы 1 қарарына протест келтирилди.

Әмелге асырылған оператив-қыдырыў ҳәм профилактикалық ис-илажлар нәтийжесинде, район аймағында улыўма жынаятшылық 2018-жыл менен салыстырғанда 28 ден 19 ға, яғный 32,4 процентке кемейиўине ерисилди.

Баянатшы өз сөзинде ҳәр бир тараў бойынша жүз берген жынаятларға ҳәм де жынаятлардың алдын алыў бойынша алып барылған жумысларға кең түрде тоқтады.

Кеңес мәжилисинде алдағы ўақытлары район аймағында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, кемейтиў, нызамшылықты беккемлеў, оператив қыдырыў ҳәм излеў жумысларының нәтийжелилигин асырыў, қыдырыўдағы айыпланыўшыларды излеп табыў, усы жумыслардың нызамлығын тәмийинлеў мақсетинде бақлаў илажларын күшейттириў бойынша тапсырмалар берилди.

Г.БЕГДУЛЛАЕВА