Siyosat РЕФОРМАЛАРДЫҢ ЖЕДЕЛЛЕСИЎИ УШЫН

РЕФОРМАЛАРДЫҢ ЖЕДЕЛЛЕСИЎИ УШЫН

0
РЕФОРМАЛАРДЫҢ  ЖЕДЕЛЛЕСИЎИ УШЫН

Президентимиздиң Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген мәжбүрий орынлаў бюросының жумыс баслағанына көп болмаса да, жумыслар нәтийжели алып барылмақта.

Бүгинги күнде бул жерде ислеўшилер ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Бюроға жүклетилген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша қысқаша тоқтап өтетуғын болсақ, энергия ресурслары, ишимлик суў ҳәм қатты турмыслық шығындыдан 2019-жыл 9 ай даўамында жәми 5 миллиард 446 миллион сум өндирилди.

Атап айтсақ, электр энергиясынан 2019-жылдың 9 айында 2 миллиард 018 миллион сум өндирилип, реже 95 процентке, тәбийий газден 9 айда 2 миллиард 844 миллион сум өндирилип, реже ҳө процентке, ишимлик суўдан 9 ай даўамында 382 миллион сум өндирилип, реже 102 процентке, ал қатты турмыслық шығындыдан 201 миллион сум өндирилип, реже 80 процентке орынланды.

Есап-китапты өз ўақтында әмелге асырыўда қатнасыўшылардың жуўапкершилиги артса, социал-экономикалық раўажланыўда алып барылып атырған реформалардың жеделлесиўине алып келеди.

 

Дәрман ХОЖАFУЛОВ

Мәжбүрий орынлаў бюросының районлық бөлими мониторинг ҳәм есап сыңар аға инспекторы