Siyosat «БЕС БАСЛАМА-БЕС ИМКАНИЯТ» ЖАСЛАР ФЕСТИВАЛЫ

«БЕС БАСЛАМА-БЕС ИМКАНИЯТ» ЖАСЛАР ФЕСТИВАЛЫ

0
«БЕС БАСЛАМА-БЕС ИМКАНИЯТ» ЖАСЛАР ФЕСТИВАЛЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен елимиз жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жаслар менен бирге ислесиў нәтийжелилигин асырыў мақсетиндеги бес баслама әҳмийетли болып, орынларда өз нәтийжесин көрсетип атыр.

Буның айқын дәлийли ретинде районда  "Бес баслама-бес имканият" жаслар фестивалын атап өтиў орынлы.

Район жаслары бес басламаны жуўырыў марафонынан баслап жиберди. Китапқумарлық, спорт жарыслары, сәрдарлар ушын оқыў семинарлар менен даўам етти.

Усы илаж даўамында "Ҳәким ҳәм жаслар" ушырасыўы өткерилип, онда район ҳәкими Жамбул Адилов жаслар менен сәўбетлести.

Ушырасыў барысында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Район ҳәкими Ж. Адилов республикалық таңлаўларда ҳәм спорт жарысларында жеңимпаз болған жасларға баҳалы сыйлықларды тапсырды ҳәм жасларға мәмлекетимиз тәрепинен берилген имканиятлардан пайдаланған ҳалда келешектиң беккем тийкарын курыў жолында пайдалы мәсләҳәтлерин берди.

Ҳүрлиман АСЕНОВА