Siyosat КОРРУПЦИЯ –ЖӘМИЙЕТКЕ ЖАТ ИЛЛЕТ

КОРРУПЦИЯ –ЖӘМИЙЕТКЕ ЖАТ ИЛЛЕТ

0
КОРРУПЦИЯ –ЖӘМИЙЕТКЕ ЖАТ ИЛЛЕТ

Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиўде әҳмийетли ҳүжжет–Ѳзбекстан Республикасыныӊ «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында» Нызамы ҳәм оныӊ тийкарында Ѳзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында» ѲзбекстанРеспубликасы Нызамыныӊ қағыйдаларын әмелге асырыў ҳақкында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳүжжетлер ѳз мазмун-мәниси, мақсети менен республикамызда коррупцияға қарсы гүресиўди жаӊа басқышқа кѳтерди.

Усы орында «Коррупция ѳзи не?» деген сораўға жуўап берместен бурын оныӊ ақыбетлерине тоқталып ѳтетуғын болсақ, сиясий жақтан алып қарағанда, коррупция әмелге асырылып атырған экономикалық-сиясий реформаларға тосқынлық етиўши себеплерди келтирип шығарады, мәмлекеттиӊ конституциялық тийкарларын жемиреди, жынаятшылықтыӊ кѳбейиўине, пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлериниӊ бузылыўына алып келеди. Нәтийжеде пуқаралардыӊ мәмлекетлик органларға болған исенимин жоғалтып,  халықаралық дәрежеде мәмлекеттиӊ абыройына кери тәсир кѳрсетеди.

«Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»Нызамныӊ 3-статьясында коррупция – шахстыӊ ѳз лаўазым яки хызмет дәрежесинен жеке мәплерин ямаса басқа шахслардыӊ мәплерин гѳзлеп материаллық яки материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қылап рәўиште пайдаланыўы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қайшы түрде усыныў деп түсиник берилген.

Коррупцияға қарсы гүресиўде халықтыӊ ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсибетти қәлиплестириў әҳмийетли орын тутады. Себеби ҳуқықый санасы ҳәм мәденияты жетик болған инсанлар унамсыз иллет болған коррупцияға жол қоймайды.

М.Бекимбетов

Тахтакѳпир районы ҳәкимшилик суды баслығы