Siyosat ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МАШҚАЛАСЫНА ШЕШИМ ТАБЫЛМАҚТА

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МАШҚАЛАСЫНА ШЕШИМ ТАБЫЛМАҚТА

0
ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МАШҚАЛАСЫНА ШЕШИМ ТАБЫЛМАҚТА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик искерлигин қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түптен жетилистириў ис илажлары ҳаққында»ғы ПП-5718-санлы Пәрманы тийкарында Өзбекстан Республикасы Бас Министриниңрайондағы исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы өз жумысын баслады. Бас министр қабыллаўханасында исбилерменлердиңбанк-кредит, салық, жер ажыратыў, имарат ажыратыў ҳәм басқа мәселелер бойынша мүрәжатлары көрип шығылып, район аймағындағы исбилерменлердиң машқалаларын шешиўде жақыннан жәрдем көрсетпекте.

Атап айтқанда, районда жайласқан «ALTIN KOPIR» ЖШЖ баслығы Жолдасбаев Айбек Жеңисбаевич тәрепинен өз жумысын кеңейтиў ҳәм жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде  фото-видеоға түсириў үскенелерин алыў ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдағы «Жаслар-келешегимиз»  мәмлекетлик дәстүри ҳаққындағы ПП-5466  санлы Пәрманы тийкарында «Халықбанк» районлық филиалынан 200 000 000 (еки жүз миллион) сум кредит сорап мүрәжат етти. Исбилерменниңмүрәжаты тийкарында қабыллаўхана тәрепинен «Халықбанк» районлық филиалынан 7 пайыздан 5 жыл мүддетке 200 000 000 (еки жүз миллион) сум ажыратып берилди ҳәм ҳәзирги ўақытта жасларды жумыс пенен тәмийинлеп, өз жумысын, баслап халыққа хызмет көрсетпекте.

«QDIRBAY ATA» фермер хожалығы баслығы Қдырбаев Сахытбай Махсетбаевич шаңарақлық жағдайына байланыслы фермер хожалығын сапластырыўға жәрдем сорап мүрәжат етип, исбилерменниң мүрәжаты қабыллаўхана ҳәм сапластырыў комиссия ағзалары тәрепинен үйренилип, мүрәжаты қанаатландырылды. «LATIP-RUSLAN» ЖШЖ баслығы Қосекеев Дәўлетбай Ләтипбаевичтиң АКБ Агробанк филиалындағы есап бетинен банк филиалы тәрепинен банк хызмети ушын артықша пул қәрежет услап қалғаны, усы пул қәрежетти өндирип бериўин сораған мүрәжаты қабыллаўхана тәрепинен үйренилип, Агробанк АКБ районлық филиалы тәрепинен исбилерменнен надурыс усланған пул қәрежети толық қайтарылып, есап бетине салып берилди.

Буннан тысқары исбилерменлердиң турмысында ушырасып атырған машқалаларды үйрениў бойынша «Қараой» АПЖ, «Атакөл» АПЖ, «Өзбекстан» МПЖ, «Қаратерең» МПЖ аймақларында исбилерменлер менен ушырасыў, көшпели қабыллаўлар өткерилди. Көшпели қабыллаўларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы ПП-5718-санлы Пәрманының мазмун-мәниси түсиндирилип, исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды ҳәм сораўларына жуўаплар берилди. Қабыллаўлар тастыйықланған график тийкарында даўам етпекте.

Рашид ДӘНЕFУЛОВ

Райондағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы