Siyosat «ҚОСТРУБА»ДА ХАЛЫҚ ПЕНЕН УШЫРАСЫЎ

«ҚОСТРУБА»ДА ХАЛЫҚ ПЕНЕН УШЫРАСЫЎ

0
«ҚОСТРУБА»ДА ХАЛЫҚ ПЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Адамлар менен мүнәсибетте болыў, дәртине, қуўанышына шерик болыў, аўырын жеңил етиўде ҳикмет көп. Буларсыз халықтың қәлбинде шүкиршилик, ертеңги күнге исеним туйғыларын беккемлеў бираз мүшкил.

Бәршемизге мәлим, бүгинги күнде ҳүкиметимиз басшылары тәрепинен республикамыздың ең шетки аймақларында жасап ҳәм мийнет етип атырған халықтың ҳал-жағдайынан хабар алып, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларын шешиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы М.Ерниязов районымыздан жүдә қашықлықта жайласқан «Қоструба» мәкан кеңес  пуқаралар жыйыны турғынларының жағдайынан хабар алды.

Халық пенен ушырасыўға министрликлер, районның сектор басшылары, мекеме, шөлкем басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, мәденият хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен тийкарынан жол қурылысы, медициналық тез жәрдем, билимлендириў ҳәм шарўашылық мәселелеринде мүрәжатлар болды. Сол жердиң өзинде еки машқала өз шешимин таўып, қалған мүрәжатларды орынлаў ушын тийисли тараў ўәкиллерине тапсырмалар берилди.

Жыйында 14 балаға шаңарақлық балалар бақшасы шөлкемлестирилген болып,  сол күни оларға телевизор, гилем саўғаға берилди. Мал шарўашылығы бойынша ветеринария участка пункти жолға қойылып, 2 пуқара жумыс пенен тәмийинленген. 23-санлы мектепке 10 дана компьютер ҳәм компьютерлерди иске қосыў ушын  4 дана аккумлятор, спорт инвентарлары берилди.

М.АЛЛАМБЕРГЕНОВА