Siyosat МАШҚАЛАЛАР ШЕШИМИН ТАПСА...

МАШҚАЛАЛАР ШЕШИМИН ТАПСА...

0
МАШҚАЛАЛАР ШЕШИМИН ТАПСА...

Адамзат өмиринде алдына мақсетлер қойып жасайды. Оқып кәсип ийелейди, сол кәсибиниң маманы болыў арзыўы менен дипломын қолына алып қайтады. Лекин, кәсибине бола жумыс табылмаса-буннан қыйыны жоқ... Адам-ыссы жан, дегендей аўырады, сырқайды. Дәри-дәрмаққа, күтимге, азық-аўқатқа  мүтәжлик басланады. Сондай ўақытта инсан және мәмлекеттиң жәрдемине зәрүр болады... Жоллардың тегис емеслиги, жаўын-шашында батпақлықтан қыйналыў, көшелерде түнги ўақытлары жарықтың болмаўы, көпирлердиң насазлығы, кем тәмийинленген шаңарақлардың машқаласы, тәбийий газдиң жетпеўи яки азайып қалыўы, аўыз суўға мүтәжлик, қулласы турмысымызда машқалалар толып атыр. Арызын кимге айтарын билмей жүргенлер де, машқаласын қалай шешиўдиң илажын таба алмай әўере-сарсаң болып жүргенлер де аз емес. Исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетинде жүргенлер, исти баслаў ушын кредитлер алыў жоллары, жаслардың жумыс пенен тәмийинлениўи-булардың бәри бүгинги күнниң темасы. Орынларда соңғы жыллары өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар усы машқалалардың шешимин табыўға, олардың саны азайыўына өзи-ниң унамлы тәсирин тийгизип атыр. Жақында райондағы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри басшылығында  өткерилген көшпели қабыллаўда көплеген жерлеслеримиз өз  машқалаларын алып шықты.

Министрликлер ҳәм басқарма хызметкерлери, район ҳәкими менен оның орынбасарлары, райондағы 4 сектор басшылары,  мекеме, шөлкем басшылары ҳәм қоңсылас Қараөзек районы және бизиң районымыздың  пуқаралары қатнасты.

Көшпели қабыллаўда өарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов өз сөзинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2018-жыл 7-июньдағы ПҚ-3777-санлы қарары тийкарында исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетинде болған пуқаралардың басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларға жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, исбилерменлик хызметин шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыўдың ҳәр бир басқышында жуўапкер мекемелер тәрепинен әмелий жәрдем көрсетиў белгиленгени, соның менен бирге Президентимиздиң 2018-жыл 27-июньдағы ПФ-5466-санлы Пәрманы тийкарында орынларда жаслардың социал-экономикалық белсендилигин асырыў, оларды исбилерменлик хызметине кеңнен тартыў, жас исбилерменлердиң келешек идеялары ҳәм жойбарларын әмелге асырыўға қаратылғанын түсиндирип өтти. Сондай-ақ, министр Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-апрельдеги ПҚ-3680-санлы қарары тийкарында республикамызда егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў, фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелериниң ҳуқықлары  ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, аўыллық орынларда пуқаралардың бәнтлигин асырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып атырғанын атап көрсетти.

Көшпели қабыллаўда район аймағында жасаўшы пуқаралардың  машқалалары тыңланды. «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Шәригүл Муратбаева өткен жылы медицина   колледжин тамамлаған. Бирақ усы күнге шекем төрт тәреплеме шәртнамасы болыўына қарамастан жумысқа орналаса алмаған. Ш.Муратбаеваның машқаласы бойынша  районлық медицина бирлеспеси баслығы Ықлас Палўанов  медицина бирлеспесинде Ш.Муратбаеваның қәнигелиги бойынша бос жумыс орны жоқ екенин, бирақ май  айында  бос жумыс орны ушын медицина хызметкери зәрүрлигин ҳәм усы орынға қабыллаў мүмкиншилиги болатуғынын айтып өтти. Усы бирлеспеден  жумыс сораған Улбосын Базарбаева оқыў орнын 2005-жылы тамамлаған. 2009-жылдан берли жумыссыз жүрген. Бирлеспе баслығы  мүрәжат ийеси пуқара У.Базарбаеваның Өзбекстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң 336-санлы буйрығына муўапық, 3 жылдан артық жумыссыз болған медицина колледжи питкериўшилери қәнигелигин асырыў курсынан өтиўи белгиленгени ушын дәслеп оқыў курсын тамамлаўы шәртли екенин, оннан кейин жумыс орнына қабыллаў мүмкиншилиги бар екенин түсиндирди.

«Fәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны  «Ақ кесек»  көшеси турғыны Гөззал Қулымбетова өмирлик жолдасы операциядан шыққанлығы себепли ўақтынша мийнетке жарамсызлығын айтып, оның және даўаланыўы ушын материаллық жәрдемге мүтәжлигинен мүрәжат етти. Усы жыйын баслығы Ринат Сәрсенбаев пуқара тәрепинен апрель айында материаллық жәрдем алыў ушын ҳүжжет тапсырылғанын, май айында бул пуқараға  материаллық жәрдем пулын төлеў режелестирилип отырғанын билдирди.

«Қараой» аўылы турғыны Надирбек Мамутов өмирлик жолдасы Рая Ильясованың көзин емлетиў ушын ордер мәселесиндеги мүрәжатине район ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов район ҳәкимлигиниң аўысық  қоры есабынан пуқара Р.Ильясованың  емлениўи ушын орынлық төлемине материаллық жәрдем пулын ажыратыўды уйғарды. Сондай-ақ, «Жипек жолы»  көшеси турғыны Бердияр Нурмекеновтың  “Жипек жолы” ҳәм де  «Боз жап»  көшелерин тәбийий газ тармағына жалғаў ушын сораған арызы бойынша да район ҳәкими  Жамбул Адилов жуўап берип, 800 метр аралықта еки көшеге газ қубырларын тартып жеткериўге жәрдем берилетуғынын айтты.       

«Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны,  «Атарал қыпшақ»  аўылы турғыны Ерназар Халықназаров аўылындағы ҳаўа электр линияларының  тозыўына байланыслы мүрәжатине районлық электр тармақлары кәрханасы баслығы Азатбай Жумабеков  жаңа линиялар тартып бериўге ўәде етти.

Буннан соң, «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны, Күнхожа көшеси турғыны Нуржамал Натипова, «Дәўир»  мәкан пуқаралар жыйыны, Яссаўий  көшеси  турғыны Қалыбай Бекмурзаевлар көшелерине ишимлик суў тармағын тартып бериўде жәрдем сорап мүрәжат етти. Бул мәселелерге районлық суў тармақлары кәрханасы баслығы Асылбек Қарабалаев жуўап берди,  яғный, Күнхожа көшесине ишимлик суўын тартыў 2020-жылдың Мәмлекетлик бағдарламасына киргизилгенин, Яссаўий көшесине 2023-жылдың Мәмлекетлик бағдарламасына тийкарланып суў тармақлары тартылатуғынын мәлим етти. Ал, 5-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәтиниң мүрәжатына  және Асылбек Қарабалаев жуўап берип, мектеп басшылығы Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат еткеннен соң ишимлик суў тармағына жалғап берилетуғынын айтты.

«Дәўир« мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Жалалатдин Аметуллаевтың тамарқа жерлерин суўғарыў ушын 350 метр аралықта салма қазыў ушын техникадан жәрдем сораған мүрәжати  райондағы жоллардан пайдаланыў  унитар кәрханасы бас инженери Жеткерген Турымбетовтың ўәде етиўинше, белгиленген орында салма қазыў ушын техника менен тәмийинленетуғын болды. Усы аймақтағы Күнхожа көшеси турғыны Өлмесек Ниязованың мүрәжаты да ағын суў мәселеси болып, оған районлық Абаданластырыў басқармасы баслығы Аймурат Абдиманов жуўап берип-көше  турғынларының тамарқа  жерлерин ағын суў менен тәмийинлеў мақсетинде бир дана насос пенен тәмийинленгенин билдирди. «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қызыл қум»  көшеси турғыны  Мақсет  Мәмбеткаримовтың  «Қуўаныш жарма»  каналынан өтип турған көпирдиң тозыўы жеткенлиги, оны жаңартыў туўралы мүрәжаты бойынша район аймағында жайласқан, пайдаланылмай турғын еки дана көпирдиң өлшемлерин үйренип шығыў ҳәм мағлыўмат бериў 1-сектор баслығы тәрепинен районлық қурылыс бөлими баслығы Еркин Мнажовқа тапсырылды. «Тахтакөпир» посёлкалық  пуқаралар жыйыны, «Турымбай шығанақ»  көшеси турғыны Жадыра Қәлимбетованың жумыс сораған мүрәжатына районлық бәнтликке көмеклесиў орайы директорының орынбасары Аралбай Алланиязов жуўап берди. Ж.Қәлимбетоваға ис ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысқа орналасыў усыныс етилген еди, бул усынысқа мүрәжат ийеси келисим берди.

Көшпели ушырасыў пайытында усылайынша пуқаралар өз машқалаларын алып шықты. Ўәделер берилди.  Ҳәр бир мүрәжат ийеси көшпели қабыллаўлар арқалы шешимин тапқан жуўаплардан қанаатланыўын, басшылардың жуўапкершилигинен рийза болыўын биз де қәлеймиз. Машқалалар айтылыўы менен емес, ал шешимин табыўы менен қунлы.

    

Гүлнара

ДӘЎЛЕТМУРАТОВА