Siyosat КИТАБЫМ-АЛТЫН FӘЗИЙНЕМ

КИТАБЫМ-АЛТЫН FӘЗИЙНЕМ

0
КИТАБЫМ-АЛТЫН FӘЗИЙНЕМ

Китап-бул сырлы бир әлем. Ҳәр биримиздиң кәмил инсан болып жетилисиўимизде китаптың тутатуғын орны гиреўли. «Китапсыз мәнаўиятқа, жоқары руўхыйлыққа ерисип болмайды, китап оқымаған адамның да, миллеттиң келешеги жоқ»,-деген еди ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев.

Ҳәзирги күнде жасларымыздың ҳәр тәреплеме саўатлы, раўажланған, руўхый дүньясы бай, саналы болып өсиўи ушын бир қанша мәдений массалық жумыслар алып барылмақта. Мектеп китапханашысы З.Исметуллаеваның басшылығында «Үгит-нәсиятшы китап қумар оқыўшы» тахтасы ислеп шығылып, бунда таңлаў жеңимпазының сүўрети ҳәм жыл даўамында ерискен жетискенликлери қыстырылып барылады. Жеңимпазлар мектеп китапханашысы менен бирге викториналар, «Баҳру-байт» кешесин, «Мен сүйген әдебий қаҳарман» темасында шығармалар таңлаўын, «Китабым-қуяшым» ҳәптелигинде баслаўыш класс оқыўшылары ушын «Ертеклер елине саяхат», «Сүйикли китабым», «Ең көп қосық ядлаған китапқумар оқыўшы» таңлаўларын өткерип келмекте. Муғаллимлер арасында да «Ең жақсы китапқумар оқытыўшы» көрик-таңлаўы өткерилип, бунда миллий ғәрезсизлик идеясы пәни муғаллими Б.Хайруллаева мектеп басқышында  жеңимпаз болып, районлық басқышта «Ең китапқумар оқытыўшы» номинациясына ийе болды.

Буннан басқа мектеп китапхана фондын еле де жаңа китаплар менен толтырыў мақсетинде «Бир перзентке үш китап», «Перзентиме китап саўға етемен»,  «Мектеп, шаңарақ ҳәм жәмийетлик шөлкемлер» қайырқомлық акциялары өткерилип келмекте.

Жақында «Өзим оқыған мектебиме мениң китап саўғам» акциясында район ҳәкиминиң жәрдемшиси Е.Қалижанов, мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси Т.Жүсипов, районлық Халық қабыллаўханасының жетекши қәнигеси Ж.Хожағулов, АКБ Агробанк районлық филиалы жетекши қәнигеси А.Нурыллаевлар келип, китапқумар оқыўшылар менен сәўбетлесиў өткерип, өзлери оқыған мектебине китапларды саўға етти.

Буннан тысқары, бул акцияда усы мектепте оқыған, ҳәзирги күнде муғаллим болып ислеп атырған Б.Хайруллаева, Ш.Рзаева,  мектеп директоры Г.Алламбаева, оқыў ислери бойынша директор орынбасары О.Тлеумбетовалар китап саўға етип, мектеп китапхана қорын толтырыўға өз үлеслерин қосты.

 Баян ИСКАКОВА

7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң инглис тили пәни муғаллими