Siyosat ЕҢ ҮЛКЕН САЎFА

ЕҢ ҮЛКЕН САЎFА

0
ЕҢ ҮЛКЕН САЎFА

Китапқа болған меҳир арқалы инсан кәмилликке жетеди.

Президендимиз Шавкат Мирзиёевтың 2019-жыл 19-март күни өткерилген видеоселектор мәжлисинде ҳәр бир басшы өзиниң жеке китапханасынан өзи билим алған мектебине китаплар саўға етиў усынысын алға сүрген еди. 

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы районлық Кеңеси ҳәм районлық 12-санлы улыўма билим бериў мектеби менен биргеликте китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша «Өзим оқыған мектебиме мениң китап саўғам» атамасында акция шөлкем-лестирилди.

Илажға Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты А.Мадреймов, 12-санлы улыўма билим бериў мектеп директоры Г.Аметова, Қарақалпақстан Республикасы екилемши қара метал Нөкис филиалының мастери Б.Бектасов, район ҳәкимлигиниң шөлкемлестириў қадағалаў топары қәнигеси Ш.Бектурғанов, район ҳәкиминиң бас қәнигеси   Ш.Аметов,  АКБ Агробанк районлық филиалы басқарыўшысы орынбасары, «БЕК» офис баслығы Қ.Муратов, АКБ Агро банк районлық филиалы аўыл хожалық кредитлеў бөлими сектор баслығы Б.Бектурғанов, «Дийдарбек-тахта» фермер хожалығы баслығы Ж.Жумамуратов, «Қалбай-Дәўқара» фермер хожалығы баслығы Қ.Алланиязов, «Ережеп-Дәўқара» фермер хожалығы баслығы Б.Тажимуратов, «Қаратерең» мәкан пуқаралар жыйыны хаткери Ж.Алланиязов, «Қаратерең» мәкан пуқаралар жыйыны пасбаны С.Жақсымуратов, 12-санлы улыўма билим бериў мектеби оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары қатнасты.  

Илаж қатнасыўшылары өзлериниң 200ге жақын әдебий китапларын мектеп китапханасына саўға етти.

 

Саламат ЖУМАМУРАТОВ

ӨзМТДП районлық Кеңеси қәнигеси