Siyosat ҮЙ-ЖАЙЛАРДЫҢ ГИЛТЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ

ҮЙ-ЖАЙЛАРДЫҢ ГИЛТЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ

0
ҮЙ-ЖАЙЛАРДЫҢ ГИЛТЛЕРИ ТАПСЫРЫЛДЫ

Елимизде инсан мәпи жоқары дәрежеге қойылған болып, ҳеш бир пуқараның арызы қадағалаўсыз, дәрти тыңлаўсыз қалмайды. Турмысымыздың ҳәр бир адымында исленип атырған  илажлар болса-хал-қымыздың ертеңги күнге исенимин арттырып бармақта. Бул демек, адамлардың жасаўға қулшынысын, мийнет етиўге талпыныўын арттырып, жаңа идеялардың пайда болыўына имканият есиклерин ашып береди. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң  «Адамлардың дәртин тыңлаў, олар менен ашық айдын пикирлесиў, аўырын жеңил етиў-халықтың мәмлекетке ҳәм жәмийетке исенимин беккемлеўге хызмет етеди», деген сөзлери бүгин турмысымызда өз көринисин таўып атыр.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2017-жыл 12-сентябрьдеги “Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-3268-санлы қарарын орынлаў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федера-циясы тәрепинен Исши топар дүзилип, республикамыздың барлық аймақларында  кем тәмийинленген шаңарақлардың  социаллық жасаў жағдайлары үйренилди. Үйрениў барысында  айырым шаңарақлардың үй-жайларға мүтәжлиги ҳәм  турмыслық  техника менен тәмийинлеў, жасаў жайларын оңлаў, қарамал ажыратыў, медициналық хызмет көрсетиўде  әмелий жәрдемге мүтәж  шаңарақлар анықланды.

Бизиң  районда  басқышпа-басқыш әмелге асырылып   киятырған бул саўаплы ислер мүтәж шаңарақларға үй-жайлар бериў менен даўам етип атыр.

Районда басқалардың  жәрдемине мүтәж, майыплығы болған бес шаңарақ ийелерине  жаңа оңлаўдан өткерилген үй-жайлардың гилтлери салтанатлы жағдайда  тапсырылды. Онда шығып сөйлегенлер мәмлекетимиздиң бул итибары-халық  мәпин және де улығлаў екенин айтып өтсе, үй ийелери өзлериниң шексиз миннетдар екенин билдирмекте.

Жәрдемге мүтәж  шаңарақлар саны  жергиликли ҳәкимликлер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланып, оларға бийғәрез жәрдем көрсетиў бойынша мәнзилли бағдарламалар ислеп шығылды ҳәм  қайыр-сақаўат  ислери даўам етпекте.

Жаңа үйге қоныс басқан, перзентлери де өз үйи-өз отаўы болыўынан кеўиллери таўдай көтерилген көзиниң шырамайын таўысқан Оңғарбай ата Бакешов, өуўандық Келимбетов, майып бала бағып өсирген жалғыз аналар Артықгүл Сейтназарова, Лиза Жийенбаева, 9 жыл бойы ҳәр кимниң үйин жаллап күн көрген, балалығынан жетимликтиң қыйыншылығын көрип өскен жас шаңарақ ийелери Қалбай Сапаров пенен Насиба Шамшетовалардың жүзлеринде толқынланыў, көзлеринде қуўаныш жасларын көрдик. 

Мәмлекетимиз тәрепинен  өзлерине көрсетилип атырған бундай итибардан  кеўиллери таўдай көтерилген аўылласларымыз  өзлериниң ҳүкиметимиздиң  итибарында екенин терең аңламақта.

Жақсылыққа тийкарланған бундай илажлар жәмийетимизде адамгершилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы пазыйлетлердиң  және де раўажланыўына бағдарлайтуғынына исенемиз.   

  Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА