Siyosat МИЙНЕТ ЕТСЕҢ ЕРИНБЕЙ...

МИЙНЕТ ЕТСЕҢ ЕРИНБЕЙ...

0
МИЙНЕТ ЕТСЕҢ ЕРИНБЕЙ...

Үй алды қыйтақ жерлеринен өним алыўды мақсет еткен ҳәр бир шаңарақ ийеси  ерте гүзден баслап-ақ таярлық жумысларына кириседи. Өним алыў ушын жерди аўдарыў, төгин бериў, суўғарыў усаған дийханшылық нормаларын орынлаў талап етиледи.  Райондағы Өзбекстан мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Қыпшақ” аўылының турғыны Өмирбай Алланазаровтың ана жерге болған меҳири  басқалардан өзгешелиги менен айырылып турады. Үй алдынан жаратқан  кишкене теплицасын үш ай қысы бойы  отын печи арқалы жылытып   келген оның дийханшылығында дәслепки өнимлери  көзге көрине баслады және ертеңги жақынлап қалған бәҳәрги егис ушын таярлаған нәллери бой көрсетип  өсип  атыр. Өмирбайдың  үй алды қыйтақ жериндеги мийўе тереклеринен басқа өзи басқарған “Базарбай бағман”  фермер хожалығында 300ден аслам ҳәр қыйлы мийўе нәллери өним берип атырса, быйылғы бәҳәрде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Арал бойы апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша бағдарламасы тийкарында  1650 дана нәл жаңадан отырғызылыўы күтилмекте.

 Г. ДӘЎЛЕТИЯРОВА