Siyosat ҲӘКИМШИЛИК ШАРАЛАРЫ ҚОЛЛАНЫЛДЫ

ҲӘКИМШИЛИК ШАРАЛАРЫ ҚОЛЛАНЫЛДЫ

0
ҲӘКИМШИЛИК ШАРАЛАРЫ  ҚОЛЛАНЫЛДЫ

Соңғы ўақытлары мәмлекетимизде  судьялар тәрепинен халық пенен ашық сөйлесиўлер шөлкемлестирилгени мәҳәлле, кәрхана ҳәм шөлкемлерде көшпели суд мәжилислерин өткериў жолға қойылғаны системаның ашықлығын тәмийинлеў менен бирге, халықтың суд системасын, әдалатқа, мәмлекетке исенимин асырыўға хызмет етпекте.

Усындай гезектеги көшпели суд мәжилиси райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде болып өтти. Онда ра-йон аймағында көбейген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислери қаралды. Бундай ҳуқықбузарлықлар райондағы мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны баслықлары, мектепке шекемги билимлендириў мекеме баслықлары ҳәм хожалық ислери бойынша меңгериўшилери тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 61-статьясы 1-бөлими менен (аз муғдарда талан-тараж етиў) ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, ҳуқықбузарлар суд алдында тийисли жазаларын алды.

Буннан басқа да физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары бойынша көшпели жеке қабыллаў болып өтти. Сондай-ақ,  пуқаралардың ҳуқықый билимлерин жетилистириў мақсетинде ең соңғы қабыл етилген нызамларды пуқараларға жеткизиў ушын профилактика илажлары, үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

Махсет БЕКИМБЕТОВ

Районлық ҳәкимшилик суды баслығы