Siyosat АРАЛ ТӘFДИРИ- ИНСАН ТӘFДИРИ

АРАЛ ТӘFДИРИ- ИНСАН ТӘFДИРИ

0
АРАЛ ТӘFДИРИ- ИНСАН ТӘFДИРИ

Бүгин пүткил дүнья жүзи бойынша Арал теңизине күшли итибар қаратылып атырғаны  мени қатты қуўандырады. Мен сол мәканда туўылып өскенликтен, Арал теңизиниң асаў толқынларына гүўа болғанлықтан бүгин Аралдың да, Мойнақтың да тәғдирин өкиниш пенен еслеймен.

Мениң балалығым Арал теңизи менен тығыз байланыслы.  Әмиўдәрьяның жағалаўларында Ақдәрья бойында дүньяға келгенмен. әтираптың бәри суў менен қапланғанлықтан суў бизге жақынлағын сайын биз қурғақ жерге қонысланатуғынымыз тәбийий. Соннан дәрьяның аррағырағындағы «Зайыр» деген жерге қоныс бастық. Бул жерлерге де суў жақынлап қалғаннан соң 1961-жылы қалаға жақын жердеги «Шағырлық» деген жерге көштик. Бир аўылдан екинши аўылға тек кеме арқалы ғана барамыз. Тек пишенлик арқалы ғана жағалықтың бар екенин билиў мүмкин. Адамлар «Шағырлық» пенен Мойнақтың арасына самолёт пенен де қатнар еди. Оған үш адам ғана минеди. Қыстың суўық күнлеринде қалаға муздың үсти менен жаяў барамыз.

Самал қатты ескен күнлери теңиз толқынлары қаланың шетине шекем урып турар еди. Ал, тынық күнлери қарасаң асфальттың жүзиндей тып-тынық болып көринеди.

Үйимиздиң жанында кишкене көл болды. Халық оннан балық аўлайды, пишен орады. Балықтың неше түрлерин көрдик. Мектепте 9-10-класс пайытымызда балық өнимлериниң технологиясы деген сабақ өтилер еди. Сонда балықтың барлық түрлеринен сабақ аламыз.

Ал, студент пайытымызда Нөкистен самолёт пенен қатнаймыз. Самолётта ушып баратырып теңизди тамашалар болсаң Қоңырат пенен Мойнақтың арасы тек суў болып көринип туратуғын еди. Ҳәзир айтар аўызға бул ҳақыйқатлықлардың бәри ертек яңлы.

Ҳаўасын жутып, балығын жеп, суўын ишип өткерген қуўанышлы демлеримди еслесем қәне енди Алланың ҳәмири менен Арал қайта толысса екен деп тилер едим. Лекин  теңиз кем-кемнен шегине баслады.

Жақында халқымызда және бир үмит пайда болды. Бүгинги күндеги Арал машқаласы бойынша мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли ғалабалық жумыслар барлық қарақалпақ халқы қатары мени де қатты қуўандырады. Себеби Арал, Мойнақ ҳаққында сөз болғанда мени толғандырады, қыйналдырады. Егер халқымыздың Арал теңизи ушын алып барып атырған ийгиликли ислери зая кетпей, экологиямызға кери тәсирин тийгизип атырған дузлықлардан, шаң-тозаңнан қутылыўымызға мүмкинлик берсе, Мойнақ, Арал келешекте қутлы мәканға айланады деген үмиттемен.

 

Қатира ЖИЙЕНБАЕВА

Нураный устаз