Siyosat СӘРДАРЛАР ЖУМЫСЫ ЖАҢА БАСҚЫШТА

СӘРДАРЛАР ЖУМЫСЫ ЖАҢА БАСҚЫШТА

0
СӘРДАРЛАР ЖУМЫСЫ  ЖАҢА БАСҚЫШТА

Жақында районда Жаслар ҳәптелиги шеңберинде бир қатар илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 17-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде мектеплердиң сәрдарлары ҳәм жетекшилери ушын семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Бул семинар шеңберинде «Сәрдар жумысының жаңа басқышы» жойбары әмелге асырылды. Семинарды Жаслар аўқамы районлық Кеңеси баслығы Т.Нагимов ашып берди ҳәм Президент академиясының жуўаплы қәнигеси Т.Шодиев даўам еттирди. Жойбар сәрдарлар кеңесиниң жумысын түптен өзгертиў ушын билим ҳәм көнликпелерди енгизиў ушын шөлкемлестирилди. Басланғыш шөлкем жетекшилериниң  ўазыйпалары, номенклатурасы, ис ҳүжжетлери, сәрдарлар кеңеси ҳәм ис алып барыў тәртиби, жаңа жойбарлар жаратыў, оқыўшылар менен ислесиўде психологиялық көнликпелер, дөгереклердиң жумыслары таныстырылды.

Райондағы тәрбиясы аўыр ҳәм ишки ислер бөлиминде профилактикалық есапта турған жас өспиримлер менен психологиялық сәўбетлесиўлер жүргизилди. Бул жумысты Жасларға социаллық-психологиялық хызмет көрсетиў орайының жуўаплы хызметкери Э.Исмаилова алып барды. Бир қатар жасларымыз психологтың қабыллаўында болды. Сәўбетлесиў даўамында жаслардың пикирлери үйренилди. Оларды ишки ислер бөлиминен профилактикалық есаптан шығарыў ушын усыныслар берилди.

Районлық жаслар орайы имаратының фойесинде ҳәзирги ўақытта шет еллерден қайтып келип жумыссыз жүрген жасларымыз ушын бос жумыс орынлары ярмаркасы өткерилип, 7 жумыссыз жас жумысқа жайластырылды.

Сондай-ақ, усы күни дене шынықтырыў илажлары өткерилди. Күн даўамында райондағы балалар спорт мектебинде  футбол, волейбол, ал 5-санлы мектептиң спорт залында спорттың стол теннис түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.  Сондай-ақ,  режеден тысқары «Заманымыз қаҳарманлары» мазмунында ушырасыўлар өткерилди. 

 

Бахыт ӨТЕПБЕРГЕНОВ

«Камалак» балалар

шөлкеми баслығы