Siyosat КЕШЕ ТӘСИРЛИ ӨТТИ

КЕШЕ ТӘСИРЛИ ӨТТИ

0
КЕШЕ ТӘСИРЛИ ӨТТИ

Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде өткен жыл 15-декабрьден быйылғы жыл 15-январь аралығы ўатансүйиўшилик айлығы етип белгиленген еди. Ҳақыйқатында да бул өткерилген бир айлық арқалы жасларымызда өз туўылған елине деген сүйиспеншилик, әсиресе ер жигитлеримизде әскерий хызметке болған меҳир оянып,  талабанлар санының артатуғынына беккем исенемиз.

«Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы улыўма билим бериў мектебинде мектептиң 9-10-11-класс оқыўшылары арасында «Мәртлер қорғайды, ана ўатанды» атамасында сәўбетлесиў кешеси болып өтти.

Кешени мектеп директоры Қ.Баймурзаева басқарып барды.

Кешеде районлық қорғаныў  ислери бөлими баслығы Л. Холмирзаев сөзге шығып, ол Өзбекстан армиясының күш-қүдиретин ҳәм жәҳән аренасындағы гиреўли орны ҳаққында жасларға кең түрде түсиник берип өтти.   Жасларымызды өз ўатанын сүйип жасаўға, оған хызмет етиўге шақырды.

Кеше соңында жасларға районлық қорғаныў бөлими тәрепинен «Ислом-тинчлик дини», «Адашганлар қисмати», «Хужрадаги зулмат», «Одам савдоси» атлы видео роликлер қойып берилди.

Т.ИЗЗЕТОВ