Siyosat БАБАМЫЗ А.ДОСНАЗАРОВТЫ ЕСЛЕП

БАБАМЫЗ А.ДОСНАЗАРОВТЫ ЕСЛЕП

0
БАБАМЫЗ А.ДОСНАЗАРОВТЫ ЕСЛЕП

Қарақалпақ халқының мақтанышлы, даңқлы перзенти, миллий мәмлекетимиздиң  тийкарын салған жәмийетлик ғайраткер, бизиң жерлесимиз Аллаяр Қораз улы Досназаров еди.

Ол қарақалпақ халқының өз алдына ел болып, миллет болып қәлиплесип тән алыныўында, шегара аймақларының белгилениўинде бирден-бир теңи тайы жоқ инсан екенин ол туўралы жазылған дереклерден билип мақтаныш етемиз.

Жақында бир топар азаматлар, атап айтқанда белгили жазыўшы-шайыр, киносценарист, ҳәзирги ўақытта «Сәният» журналының бас редакторы болып ислеўши Алпысбай Султановтың жан күйерлик хызметлери менен, шоманайлы Байрам Сейтниязов, А.Досназаровтың туўысқан иниси Алламберген атамыздың ақлығы Хожамберген улы Баҳадыр инимиз, Қазақстанның Ақтаў қаласында жасаўшылар-«Аллаяр жолы» этно-мәдений бирлеспесиниң ағзалары  жерлеслеримиз Бахытбай Гаипов, Нийетбай Ибраймов, Төребай Мәмбетниязов  деген жигитлер биргеликте сол Аллаяр атамыз қамалып, кейнинен атылған жери Россияның Карелия Республикасына барып қайтыў ушын жолға атланды. Булар өзлери менен биргеликте бабамызға арнап естелик мрамор тасын, туўылған жери-ата-бабасы қойымшылығынан топырақ алып, ол жақтағы жатқан жерине араластырыў ушын зыярат етип, кеўлине алған қайырлы ислерин әмелге асырып  қайтты.  Ол жатқан жерден-Карелия Республикасындағы қойымшылығынан топырақ алынып жерине қосып, жолына аят қуран оқылды. Өзиниң туўылған жери ҳәзирги А.Досназаров АПЖ да турыўшы ағайин-туўысқанлары ортасында садақа берилип, бабамыз естелигин зыяратлап, атына дуўалар оқылды.

Мен де сол бабамыздың туўысқанлары ретинде мәресимине қатнасып, бабамызға тийе берсин айтып, өзимниң ағайиншилик кеўилимди билдирдим. Бабамыз қойымшылығы басына зыяратлап барып қайтқанларға миннетдаршылығымызды билдирдик.

Усындай өзиниң қайырлы қалыс хызметлери менен алыс жолға барып қайтыўдың өзи де аңсат ис емес. Және бул ҳәр кимниң де қолынан келе бермейди.

Бабамыздың елим деп, халқының бахытлы турмыста жасаўын тилеп, өз өмирин алыс жерлерде қорлықта өткерип, жала себепли бийгүнә атылған инсанның ерлигин мақтаныш етип, оның исмин мәңгилестирсек-келешек әўлад алдында жүзлеримиз жарқын болары сөзсиз. Биз бул арқалы бабамыздың руўхын шад етиў менен бирге, жасларымызды инсанның қәдир-қымбатын түсинип жасаўға, ўатанға деген сүйиспеншилигин арттырыўға ерисемиз деп ойлайман.

 

Әдалат орнады, заман шегине,

Шыдам берип өттик, дәўир жүгине,

Көптен берли түйин әрман иске асып,

Сапар етти алыс Карелия жерине.

 

Сол бабамыз әрўағына сыйынып,

Зыяратлап қайтыў ушын жыйылып,

Жазыўшы Алпысбай аға, жанашыр,

Не деген дуз несип барыў буйырып.

 

Топырақ алынып туўған жеринен,

Ақ теңиз жағасына, Карел елине,

Басына естелик мәрмер тас салып,

Нәпес алып кеткен соңғы жерине.

 

Топырағы қосылып, туўған елинен,

Руўхы шад әйлер келгенлеринен,

Баҳадыр ақлығына, жанашыр досқа,

Бабамыз ырза бол, перзентлериңнен!

 

Муратбай ЗАЛИЕВ

Мийнет нураныйы