Fan va ta'lim БАЙРАМFА АРНАЛFАН ЖАРЫС

БАЙРАМFА АРНАЛFАН ЖАРЫС

0
БАЙРАМFА АРНАЛFАН ЖАРЫС

Мектебимизде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 26 жыллығына бағышланған «Конс-титуция-бизиң бахтымыз» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Дәслеп шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң мектептиң 7-8-класс оқыўшылары арасында жарыс өткерилди. Оқыўшылардың кешедеги ҳәр бир шығыўлары Бас нызамымыздың инсан өмиринде тут-қан орны ҳәм әҳмийетине қаратылды.

Оқыўшылар тәлим-тәрбия, пуқаралардың ҳуқық ҳәм ўазыйпалары ҳаққындағы ста-тьяларды көргизбели түрде баян етти.

Жарыс соңында жеңимпазлар анықланып, 1-орынды  8-класс оқыўшылары, 2-орынды 7-қазақ ҳәм 7а-класс оқыўшылары, 3-орынды   8-қазақ класс оқыўшылары ийеледи. Жеңимпазлар диплом менен сыйлықланды.

Конституцияның мазмун-мәнисин келешек әўлад өз санасына сиңдириўи-ҳуқықый демократиялық жәмийет қурыўда үлкен әҳмийетке ийе.

 

Замийра ҚАЛИЕВА

13-санлы мектептиң басланғыш шөлкем жетекшиси