Siyosat ЖОЛ ТРАНСПОРТЫ ҲӘДИЙСЕСИ

ЖОЛ ТРАНСПОРТЫ ҲӘДИЙСЕСИ

0
ЖОЛ ТРАНСПОРТЫ ҲӘДИЙСЕСИ

«Жол қағыйдасы-өмир пайдасы» деймиз де, айырым ўақытлары буны умытып қойып, өзгелердиң, ҳәттеки өзимиздиң де өмиримизге қәўип туўдырамыз.

2018-жылы 30-июль күни саат 13-00 лер шамасында Шымбай районы «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы П.Сейтбеков Јзиниң басқарыўындағы ақ реңли Әмиўдәрья районы «Парахатшылық» көшеси турғыны 90-жайда жасаўшы пуқара Т.Ибраймовқа тийисли болған «Каптива» маркалы автомашинасын ҳеш қандай ҳүжжетсиз Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир автомобиль жолының 104-километринде басқарып баратырып, Өзбекстан Республикасының әмелдеги «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 77-пункти 3-бөлиминдеги қағыйда-талапларын қопал рәўиште бузып, райондағы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында басқарыўды жоғалтып, жолдың шетине шығып кетип аўдарылған. Нәтийжеде усы автомашина ишинде болған Шымбай районы «Дослық» көшеси 6-жайда жасаўшы пуқара М.Баратов ўақыя орнында өзине келместен қайтыс болды.

Пуқара П.Сейтбеков өзиниң жоқарыда көрсетилген ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 2-бөлими менен айыпланып, тийисли тәртипте шара көриў ушын Жынаят ислери бойынша судына жиберилди.

(Адам атлары өзгертилген)

 

Рустем ИНЯТОВ

Қараөзек районы ишки ислер бөлими жанындағы тергеў топары аға тергеўшиси, капитан