Iqtisodiyot ЕКЕЎИДЕ ТЕҢДЕЙ ЖУЎАПКЕР

ЕКЕЎИДЕ ТЕҢДЕЙ ЖУЎАПКЕР

0
ЕКЕЎИДЕ ТЕҢДЕЙ ЖУЎАПКЕР

Гүзе күнде емес, ата-бабаларымыз айтып кеткениндей күнинде сынады. Республикамыздың ҳәр бир орынларындағы коммерциялық  банклерде шет ел валюталарын аўмастырыў орынлары үзликсиз ислеп турыўына қарамастан, пуқараларымыз базарларда жасырын түрде валюта алмастырыў ислерин даўам етип атырғаны өкинишли жағдай.

Департаменттиң Қарақалпақстан республикасы басқармасы, районлық бөлими ҳәм районлық ишки ислер бөлими арнаўлы қәнигелери менен биргеликте пуқара М.Ержановтың арзасына тийкарланып райондағы дийхан базарына рейд өткерди. Илаж нәтийжесинде  районда жасаўшы пуқара Шыныбаева Сайда пуқара Гүлсара Қутлыбаевадан 300 АҚШ долларының ҳәр бирин 775000 сумнан есаплап, жәми 300 АҚШ долларын 2 325 000 сумға сатып алған ўақтында усланды. Шыныбаева Сайданың 300 АҚШ доллары, 54 000  Қазақстан теңгеси ҳәм 2 282 500 сум пуллары айғақлы зат ретинде алып қойылды.   

 Ҳәкимшилик жуўапкершилик бойынша Шымбай районлық суды тәрепинен пуқаралар  Шыныбаева Сайда ҳәм Қутлыбаева Гүлсараларға нызам тәрепинен тийисли ҳәкимшилик шара көрилди.

        Умар Уразбаев

       Департаменттиң районлық бөлими  баслығы, әдиллик киши кеңесшиси