Siyosat ИСБИЛЕРМЕНЛИК ХЫЗМЕТИ НЫЗАМ ҚОРFАЎЫНДА

ИСБИЛЕРМЕНЛИК ХЫЗМЕТИ НЫЗАМ ҚОРFАЎЫНДА

0
ИСБИЛЕРМЕНЛИК ХЫЗМЕТИ НЫЗАМ ҚОРFАЎЫНДА

Дәўир талабы саналған исбилерменлик ҳәрекетин жүргизиўши субъектлерге көрсетилип атырған ғамхорлықларды олардың нызамлы мәплериниң тәмийинленип атырғанынан  көриўимизге болады.

Район прокуратурасы тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2015-жыл 15-майдағы «Жеке мүлк, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти исенимли қорғаўды тәмийинлеў, оларды жедел раўажландырыў жолындағы тосықларды сапластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы, Өзбекистан Республикасының «Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм тараўға байланыслы нызамлардың орынланыўы бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, район прокуратурасы тәрепинен исбилерменлик субъектлери тәрепинен келип түскен мүрәжатларды үйренип шығып, олардың нызамлы мәп-лерин қорғаў, бузылған ҳуқықларын тиклеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Булардан район аймағында ҳәрекет етип турған «Гүлсәнем мүйтен» фермер хожалығы баслығы Б.өошмуратов район прокуратурасына мүрәжат етти. Ол өз мүрәжатында «Қараой» АПЖ аймағындағы №147-157, 165-167 контурлардағы улыўма майданы өө гектар болған жерлерди фермер хожалығына қосымша етип ажыратып бериўди сорап, район ҳәкими атына арза менен мүрәжат еткенлиги, лекин бул мүрәжаты бойынша жуўап болмағанлығын айтып өткен.

Б.өошмуратовтың мүрәжаты үйренилгенде мүрәжат районлық жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими баслығы Д.Қонақбаевқа шешиў ушын берилген болса да мүрәжат тийисли тәртипте көрип шығылмаған ҳәм ийесине жуўап берилместен қалып кеткен. Буннан Өзбекистан Республикасы «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызам талапларының бузылыўына жол қойылғанлығы анықланып, районлық жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр бөлими баслығы Д.өонақбаев Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 43-статьясы менен ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды. Ал, «Гүлсәнем мүйтен» фермер хожалығы баслығы Б.өошмуратовтың бузылған ҳуқықлары тикленип, район ҳәкиминиң қарары менен «Қараой» АПЖ аймағындағы №147-157, 165-167 контурдағы улыўма майданы 55 гектар жер фермер хожалығына қосып берилди.

Соның менен бирге, райондағы «Гулпери Султанбек» жеке меншик кәрханасы баслығы Г.Джоламанова район прокуратурасына мүрәжат етип, АК «Халық банк»тиң районлық филиалының кредит операциялар бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Рсекеев тәрепинен тийкарсыз  рәўиште, пул өткериў ҳаққындағы төлеў тапсырыўнамасы болмаса да өзине тийисли  «Гулпери Султанбек» жеке меншик кәрханасы есап бетинен 376 000 сум пулды жеке исбилермен  С.Қадиримбетованың кредит пулларын сөндириўге, 400 000 сум пулды жеке исбилермен Х.Бердимуратованың кредит пулларын сөндириўге, кәрхананың жәми 776 000 сум пулын оның рухсатысыз жумсап жибергенлигин көрсетип, нызамлы шара көриўди соранған.

Бул мүрәжатты үйрениўде исбилерменлик субъектиниң нызамлы мәплериниң бузылыўына жол қойып, оның рухсатысыз банк есап бетиндеги пулларын басқа мақсетлерге жумсалғанлығы анықланды. АК «Халық банк» тиң районлық филиалы кредит операциялар бөлими баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Рсекеевтиң қарсысына Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 2411-статьясында көрсетилген ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ис қозғатылып, Шымбай районы ҳәкимшилик суды тәрепинен Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 33-статьясын қоллап, ең кем ис ҳақының 3 есеси, яғный, 449,325 сум жарийма жазасы таярланды.

АК «Халық банк»тиң районлық филиалы тәрепинен мақсетсиз жумсалған «Гулпери Султанбек» жеке меншик кәрханасының пуллары банк тәрепинен кәрхана есап бетине қайтарылып қойылыўы тәмийинленди.

Буннан тысқары, райондағы «Жуўсан» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы А.Нуратдиновтың 2017-жыл 27-сентябрьде районлық «Бир айна» орайына газ тармақларына таяр ҳалда қосып бериўди сорап, арза менен мүрәжат еткен ҳәм мүрәжат сол күнниң өзинде, яғный, 2017-жыл 27-сентябрьде мәмлекетлик хызмети паспортында көрсетилген тийисли ҳүжжетлерин қосымша еткен ҳалда «Шимолгазтаъминот» унитар кәрханасы районлық газ филиалына электрон байланыс (ijro.uz) системасы арқалы жиберилген. Бирақ, «Шимолгазтаъминот» унитар кәрханасы районлық газ филиалы тәрепинен «Бир айна» орайы арқалы жиберилген арза ҳәм тийисли ҳүжжетлерди Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 2-октябрьдеги 280-санлы қарары менен тастыйықланған «Исбилерменлик субъектлерин газ тармақларынан пайдаланыўға таяр ҳалда қосыў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң II бап, 7-бәнтинде: «газ жеткерип бериўши кәрханасы «Бир айна» орайынан арза түскен күннен баслап 5 күн даўамында исбилерменлик субъектиниң газден пайдаланыў үскенесин газ тармақларына қосыўдың техникалық имканиятларын орынға барған ҳалда үйренеди ҳәм «Бир айна» орайына исбилерменлик субъекти атына ҳүжжетлестирилген, пайдаланыўға таяр ҳалда газлестириў бойынша шәртнаманы береди» деп белгилеп берилген талаплары бузылған. Солай етип, арза газ кәрханасы тәрепинен 2017-жыл 11-октябрь күни, яғный, 5 күн мүддетке кешиктирилип берилгенлиги анықланып, «Шимолгазтаъминот» унитар кәрханасы районлық газ филиалы баслығы Б.Камаловқа Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 2419-cтатьясы менен Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы иси қозатылды ҳәм  Шымбай районы ҳәкимшилик суды тәрепинен оған Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 33-статьясын қоллап, ең кем мийнет ҳақының 3 есеси, яғный, 449,325 сум жарийма жазасы таярланды.

Мүрәжатты үйрениў нәтийжесинде «Жуўсан» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине газ тармағы тартып берилип, мүрәжаты толығы менен қанаатландырылды.

Қәдирбай БЕКМУРАТОВ

Район прокуроры, әдиллик кеңесшиси