Siyosat ШЕГАРАДАН ӨТТИ, БИРАҚ...

ШЕГАРАДАН ӨТТИ, БИРАҚ...

0
ШЕГАРАДАН ӨТТИ, БИРАҚ...

Мәмлекетимизде Өзбекистан Республикасына сырт мәмлекетлерден кирип келиў ҳәм республикамыздан сырт мәмлекетлерге шығып кетиў нызам жолы менен белгилеп қойылған. Усы талапларды бузған жағдайда қандай ақыбетлерге алып келетуғыны ҳаққында қанша түсиник жумыслары алып барылмасын буны көпшилик пуқаралар еле толық аңлап жетпей атыр. Себеби биз бундай унамсыз жағдайларға жумысымыз барысында қайта-қайта гүўа болып атырмыз.

Атап айтқанда, райондағы «Дослық гүзары» көшеси номерсиз жайда жасаўшы пуқара С.Орақбаева 2012-жылы май айларында ўақытша қол ушы талап ислеў мақсетинде Қазақстан Республикасының Алмата қаласына кетеди. Сол жақта табылған жумысты ислеп, шаңарағының экономикалық жағдайына өзиниң үлесин қосып отырады. Арадан ўақыт өтип, ол өзиниң пуқаралық паспортын жоғалтып алады. Усы жерде  С.Орақбаева Алмата қаласындағы мәмлекетимиз елшиханасына барыўды ойламастан, ебин таўып аўылға жетип алыўдың жолын ойластырады.  Бирақ оның ойлаған ойының ақыбети жақсылыққа болмады.

2017-жылы 12-сентябрь күни пуқара С.Орақбаева бир шешимге келип, мәмлекетимиз шегараларын нызамға қайшы рәўиште, айланба жоллар арқалы бир қанша қыйыншылықларды басынан кеширип, үйине жетип келеди.

Районлық ишки ислер бөлими хызметкерлериниң сорастырыўы барысында пуқара С.Орақбаеваның шегарадан нызамсыз рәўиште өткенлиги анықланып, оның қарсысына Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 223-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылып, тийисли тәртипте шара көриў ушын жынаят ислери бойынша районлық судына жиберилди.

Мәмлекетимиз шегаралары қатаң қадағалаўда болған бизиң журтымызда нызам үстинлиги ҳәр қашан да сақланып қала береди. Соның ушын ҳәр биримиз өз исимизге, ҳәрекетимизге нызам көзи менен қарап, бийпәрўалықтың алдын алсақ, жүзимиз жарқын болып, талапларымыз оңынан келери сөзсиз.

Рустем ИНЯТОВ

Районлық ишки ислер бөлими жанындағы тергеў топары сорастырыўшысы, аға лейтенант