Siyosat МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ

МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ

0
МУЎАПЫҚЛАСТЫРЫЎШЫ КЕҢЕС МӘЖИЛИСИ

Район ҳәкимиятының мәжилислер залында район аймағында  усы жылдың 6 айы  даўамында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың  алдын алыў, оған қарсы гүресиў, ҳуқық тәртибин беккемлеў бойынша әмелге асырылған ўазыйпалардың жуўмағы, жынаятлардың өсиў себеплерин үйрениў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған илажлар көриў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеўге бағышланған Муўапықластырыўшы Кеңестиң мәжилиси болып өтти.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим баслығы Ж.Бахытов, район ҳәкими  Ж. Адилов, районлық Кеңес депутатлары, райондағы ҳуқық қорғаў тараўы хызметкерлери, мекеме, шөлкем, билимлендириў тараўы басшылары, орынлардағы мәкан пуқаралар жыйыны ақсақаллары менен мәсләҳәтшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери  қатнасты.

Мәжилисти район прокуроры Қ.Бекмуратов ашты ҳәм алып барды.

Мәжилистиң күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли ҳуқық қорғаў тараўы басшыларының баянатында атап өтилгениндей, 2017-жыл 6 ай даўамында районлық ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен район аймағында жынаятшылықтың алдын алыўда, азайтыўда, сондай-ақ нызам 6стинлигин тәмийинлеўде Өзбекистан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳәрекет етип турған нызам талапларының орынланыўына қаратылған жобалы түрде жумыслар алып барылған. 2017-жылдың 6 айы даўамында алдыңғы 2016-жылдың дәслепки 6 айы менен салыстырғанда улыўма жынаятшылық 27 ден 18 ге кемейген. Яғный, қастан адам өлтириў жынаяты 1 ден 0 ге,  денеге аўыр жарақат жеткизиў жынаяты 1 ден 0 ге, таланшылық жынаяты 1 ден 0 ге,  нызамсыз аў қуралларын сақлаў жынаяты 3 тен 2 ге, адам өлими менен байланыслы автоавария жынаяты 1 ден 0 ге, экономика тараўындағы жынаятлар 1 тен 0 ге кемейген менен, қастан денеге орташа дене жарақатын жеткизиў жынаяты 0 ден 1 ге, ҳүжжетлерди қәлбекилестириў жынаяты 0 ден 1 ге, алимент төлеўден бас тартыў жынаяты 0 ден 1 ге, адам өлими менен байланыслы болмаған автоавария жынаяты 1 ден 2 ге өскен.

Мәжилисте жүз берген жынаятлар  ашық айдын айтылыўы менен бирге, бул жыйын аймақларында  еледе халық пенен бирге ислесиў, жынаятшылықтың алдын алыўда  ислениўи керек ўазыйпалар белгиленди.

Көрилген күн тәртибиндеги мәселе тийкарында районлық ишки ислер бөлими баслығы Н.Аметов, медицина бирлеспеси бас шыпакери орынбасары М.Аралбаев, «Шимолгазтәмийнат» унитар кәрханасы районлық филиалы баслығы Б.Камалов, районлық санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы баслығы Т.Нурмановлар шығып сөйледи.

Муўапықластырыўшы Кеңес мәжилисинде алдағы ўақытта прокуратура, район ҳәкимлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм қадағалаўшы орынлар кең жәмәәтшилик пенен биргеликте район аймағында нызамшылықты беккемлеў, нызам талаплары бузылыўларының алдын алыў, сондай-ақ, жынаятшылыққа қарсы гүресиў  талапларын күшейттириў ўазыйпаларын белгилеп алды.  

          

Гүлнара ДӘЎЛЕТМУРАТОВА

СҮЎРЕТЛЕРДЕ:  Өткерилген   мәжилистен көринислер