Siyosat ТОЙЛАРЫҢЫЗ ТОЙЛАРҒА УЛАССЫН, ХАЛҚЫМ!

ТОЙЛАРЫҢЫЗ ТОЙЛАРҒА УЛАССЫН, ХАЛҚЫМ!

0
ТОЙЛАРЫҢЫЗ ТОЙЛАРҒА УЛАССЫН, ХАЛҚЫМ!

Бир-биреўге меҳир-мириўбет көрсетиў, қандай да бир нәрсеге мүтәжлик сезгенлерге демеў көрсетип, кеңпейиллик танытыў бурында да, яғный ата-бабаларымыз бирин таўып, бирин таппай жасап өткен заманларда да қүдирети жеткенлер қайыр-сақаўат көрсетип өткен. Бундай қайырлы ислер бүгинги заманымызда да даўам етип атырғанынан бахытлымыз.

Усындай мақсетте мәмлекетимиздиң ең шетки аймақларында жасап атырған социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар, оларда тәрбияланып атырған балалардың жасаў шәраятлары, ҳал-аўҳаллары алдын-ала үйренип шығылып, анықланған мүтәжликлерден келип шыққан ҳалда районымыздан 20 баланың сүннет тойларын салтанатлы түрде өткериў 18-май күнине белгиленген еди.

Усы күни район орайындағы «Аман-Мәкан» тойханасында өткерилген сүннет тойы үлкен байрамға уласты.      

Тойға 20 баланың ата-аналары, жақын ағайинлери, район белсендилери, нураныйлар қатнасты.

Тойхана алдында той ийелери болған балажанларды жыйналған халық саз-сәўбетлер менен күтип алды. Олардың ҳүрметине балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби оқыўшыларының атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ-ойынлар усынылды.

Соң районлық жасы үлкен атамыз Еримбет Арзымбетов жыйналғанларды мусылманшылықтың уллы тойы саналған сүннет тойы менен қутлықлап, балаларға узақ өмир, бахытлы, ырысқы-несийбели болыўын тиледи.

Буннан соң балалар избе-излик пенен тойханаға жайылған той дәстурханына алып барылды. Олар өзлериниң буншелли қәдирленип атырғанынан төбелери көкке жетип қуўанады. Буны жүзлериндеги қуўаныштан аңлаўға болады.

Сүннет тойына арналған салтанатлы илажда Өзбекистан кәсиплик аўқамлары федерациясының ўәкили Ҳаётжон Шарипов,  Өзбекистан Кәсиплик  аўқамы Федерациясының Қарақалпақстан Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы орынбасары  Муратбай Данияров ҳәм район ҳәкими Жамбул Адиловлар шығып сөйлеп, жыйналған бәрше халықты уллы той менен қызғын қутлықлап, балаларымызға келешекте халқы ушын хызмет ететуғын азаматлар болып жетисиўин тиледи ҳәм той шөлкемлестириўшилери тәрепинен таярланған баҳалы саўғаларды тапсырды.  Және бир әҳмийетли тәрепи сонда балалардың ҳәр бирине Акционерлик-коммерциялық «Халқ банк» бөлимлеринде есап бетлерин ашқан ҳалда ә миллион сум қәрежетлери өткерилген аманат дәптершелери салтанатлы рәўиште тапсырылды.

Тойдың сәни саз-сәўбет пенен заўықлы өтеди. Сонлықтан республикамыздан келген белгили көркем-өнер шеберлери ҳәм районлық мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы қосықшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

- Бүгингидей салтанатлы жағдайда өткерилип атырған сүннет тойлары бизлердиң перзентимиз Қәдирбекке де несип еткенинен шексиз қуўанышлымыз. Бул той оның өмириндеги ең бахытлы демлериниң бирине айланары сөзсиз. Баланың бир қуўанғанына не жетсин. Саўғаға алған велосипедин жетеклеп, бизлерге де қарамай, шапқылап баратыр-дейди «Қаратерең» аўыллық пуқаралар жыйынынан келген Қайыпназаров Қәдирбектиң ата-анасы Асанов Жарылқасын ҳәм Оразымбетова Турғангүллер.

Әлбетте, халқы тыныш, дәстурханлары толы, пәраўан турмыста жасап атырған елге тойлар жарасады. Тойларыңыз тойларға улассын, аўылласлар!

Муҳаббат ИЗИМБЕТОВА